Ҳәзир Ташкент қаласындағы «City Palace» мийманханасында Халықаралық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў күнине бағышланған илаж болып өтпекте.
Бул ҳаққында ӨзАның рәсмий сайты мәлим етпекте.
Илажда Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы 2018-жылдың «Жыл адамы» исмин жәриялайды.
Усы жылдан баслап мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларын тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлик ҳәрекетине қосқан үлеси ушын «Жыл адамы» сыйлығы менен сыйлықлап барыў енгизилген болып, 2018-жылдың «Жыл адамы» кимге несип еткенин тез арада билип аламыз.
Бизди бақлаўды даўам етиң!
Қарақалпақстан хабар агентлиги