Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг Республикалық орайының берген мағлыўматына қарағанда 14-март күни Ташкент ўақты менен 02:33 (13.03.2019 да 21:32 Гринвич бойынша) Қазақстанда жер силкиниўи жүз берди. Хабарда айтылыўынша, жер силкиниўи магнитудасы 4,3 ди қураған. Оның ошағы 10 км тереңликте екенлиги анықланған.

Ташкентке шекемги аралық арқа-батыс бағдар бойынша 28 кмди қураған.

Хабарда жер силкиниўи магнитудасы Ташкентте 4 балл, Гулистанда 2 балл, Жиззақта 2 балл, деп келтирилген.

ӨзА