Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан журналистикасы ҳәм ғалаба коммуникациялар университетинде «Өзбекстан журналистикасы миллий энциклопедиясы»ның баспаға таярланыўы бойынша додалаў болып өтпекте.
Усы университет ҳәм оның жанында шөлкемлестирилген «Media Trend» оқыў орайы дөретиўшилери бир неше ай бурын Өзбекстан миллий энциклопедиясы жойбары үстинде жумыс баслаған еди. Бүгинги күнге шекем журналистика тараўына байланыслы алты мыңнан артық сөзлер, атамалар ҳәм заманагөй түсиниклер усы энциклопедия қурамына киргизилген.
Жаратылып атырған энциклопедия 3 томлық болыўы режелестирилген болып, ҳәзирги күнде оның биринши томы таяр ҳалатына келтирилген.
Бүгин «Өзбекстан журналистикасы миллий энциклопедиясы»ның биринши томы додалаўға жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Усы ўақытқа шекем Өзбекстан тарийхында журналистика тараўына қәнигелестирилген энциклопедия болмаған. Тараўға байланыслы сөзлерди тек ғана улыўмалық энциклопедиядан табыў мүмкин еди.
Додалаўлар даўам етпекте.
Хуршид Қодиров, ӨзА