Жуманияз Өтениязов 1959-жылы Тахтакөпир районы Тахтакөпир хожалығында (ҳәзир «Қаратерең» АПЖ) туўылды.  1976-жылы райондағы 11-орта мектепти питкерип, қурылыста иследи, әскерий хызметтен соң, 1984-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң «Ҳуқықтаныў» бөлимин «айрықша» диплом менен питкерди.

Ж.Өтениязов 1984-1992-жыллары Қарақалпақстан телевидениесиниң, «Қарақалпақстан» баспасының редакторы; «Ғумша» журналының жуўаплы хаткери, 1992-2013-жыллары республика Ишки ислер министрлигиниң баспасөз орайы басшысы, бас юрисконсультанты, Нөкис мәмлекетлик пединститутының оқытыўшысы болып мийнет етти. 2013-жылдан Қарақалпақстан Республикасы  Ишки ислер министрлигиниң «Тынышлық сақшысы» газетасының бас редекторы, отставкадағы подполковник.

Ол 1988-жылдан Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, 1991-жылдан Өзбекстан  Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Шайырдың дәслепки қосықлар топламы 1988-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан жарық көрди. Ол телевидениеде «Ертеклер дүньясында», «Қалқан», «Жынаят жазасыз қалмайды» авторлық  көрсетиўлерин таярлады. Китап баспасында көплеген көркем шығармаларды рус, өзбек, қазақ тиллеринен аўдарды. «Мектеп китапханасы» сериясындағы китапларға, «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» 4-томы (38,2 есап б.т) киби көлемли китаплардың  редакторы болып тәжирийбе топлады.

Оның қосық-гүрриңлери мектеплердиң баслаўыш класс оқыўлықларына, «Еки мақтаншақ» ертек-поэмасы 5-класс «Әдебият» сабақлығына киргизилген. Сондай-ақ, Ж.Өтениязовтың өзбек тилинде жәрияланған төрт гүрриңи  2017-жылы «Ўзбек болалар адабиёти антологияси»нан орын алды. Қосықлары ҳәм поэмалары топламларда «Әмиўдәрья», «Жаҳон адабиёти», «Шарқ юлдузи», «Қалқан», «Сәният», «Қарлығаш» журналларында жәрияланды.

Ж.Өтениязов  12 авторлық, 4 аўдарма китаплары, 5 поэмасы баспадан шықты, әдебий шығармалары өзбек, қазақ тиллеринде, очерклери «Постда», «На посту», «Щит» газета-журналларында өзбек, рус тиллеринде жәрияланды.

Ол  2006-жылыҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды, сондай-ақ Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының сыйлығының ҳәм «Ардақлаў» таңлаўында «2017-жылдың ең жақсы шайыры» номинациясы ҳәм бир неше таңлаўлар жеңимпазы. Ол Өзбекстан Журналистлер Аўқамының, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының, Мәденият,  Ишки ислер министрлигиниң «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.

 

БИР ЖУЛДЫЗ…

Созсам қолым жетпейди,

Қол созымда бир жулдыз.

Ғайып болып кетпейди,

«Маған жет!» деп тур жулдыз.

 

Қолға түспес гәўҳарым,

Көктен пәрман болмаса.

Көринбейди иңкарым,

Бунша әрман болмаса…

 

Гейде, гейде қус болып,

Ушып нурдай озарман.

Йош периси дус болып,

Жақсы қосық жазарман.

 

Түн пердесин түргендей,

Қәне, жанса бир жулдыз.

Кейин айта жүргендей,

Қолға қонса бир жулдыз…

 

ЖАЎЫН ТЫНЫП, ҚАРА БУЛТЛАР ӨТКЕНШЕ

Уш қыялым, ашыл кеўлим қуяшы,

Жаўын жаўып, қара бултлар өткенше.

Ақ сарай бол, сай бойында ылашық,

Жаўын тынып, қара бултлар өткенше.

 

Соқпағым-айланыш, гүзарым – тайғақ,

Панысым алысқа нур бермес парлап,

Кеўлим  сабыр әйле, қыялым шарла,

Жаўын тынып, қара бултлар өткенше.

 

Ескен жел ызғарлы, жан-жағым думан,

Түним ада болмас-жабылған қазан,

Алыс ағарғандай үмитли бир таң,

Жаўын тынып, қара бултлар өткенше.

 

            

ЖЫҢҒЫЛ ГҮЛЛЕРИ

Сүмбиле айының соңғы күнлери,

Шымбайдың жолында жыңғыл гүлледи.

Ғыжлаған шоқ киби дөнип тур еди,

Қызлардың жупқагүл орамалындай.

 

Тәбият дегениң не деген шебер,

Жатқан кебир бүгин ал-қызыл дөнер,

Гүзде  сарғыш тартып, шықтай төгилер,

Жаслықтың бир келер ҳүр жамалындай.

 

Шымбайдың жолында кимлер жүрмеди,

Билмедим ким көрди, кимлер көрмеди,

Жол бойы ырғалар жыңғыл гүллери,

Өткен жолаўшының  әрманларындай

 

        

БӨРШИ  ТАЎЫМ

Бабалардың қурашындай,

Бөршитаўым тик турасаң.

Белиңдеги қылышыңдай,

Көлди сонша жасырасаң.

 

Көк аспаннан жаўын тилеп,

Булттың жасын тамызасаң.

Баўрайыңнан жыра тилип,

Душшы көлге ағызасаң.

 

Қумды жуўып аққан селге,

Қорған болып қаласаң сен.

Шаң боратқан даўыл, желге,

Қалқан болып, турасаң сен.

 

Сақлап қойған сол суўыңда,

Ай-жулдызды жүздиресең.

Шөллеп келсе кийик таңда,

Сүрдеў ашып, суў бересең.

 

Жыл қусларын жат көрмейсең,

Бүркит қусқа жар ғамлайсаң.

Суўда жасыл шалаң өссе,

Жайын шықса таң қалмайсаң.

 

Белиңдеги белбеўиңдей,

Жарқыраған Қаратерең.

Бир туўылған егизиңдей,

Саў бол, Бөрши-Қаратерең!

 

2011

        

ЖАСЛЫҒЫМ

Қумай көзиң Қаракөлдей мөлдиреп,

Ғумша ләбиң мени сүй деп үлбиреп.

Айбүйирге қол усласып шыққанбыз,

Жипек шашың самал менен желбиреп.

 

Төменде тур еди, гүлленген бағлар,

Жасыл ақ тереклер, пахта атызлар.

Жаслықтың бахытлы демин сезгенбиз,

Бизге қол былғасып жигитлер, қызлар.

 

Енди жаным, сол төбеге минбейсең,

Қаракөлге жазда барып жүргейсең,

Сол күнлерди қанша арзыў етсем де,

Жаслығымдай енди қайтып келмейсең.

 

Сол пурсатлар бизге мәңги жат болып,

Соқпақ, жоллар шеңгел менен шат болып,

Түслериме енип, ядқа түсесең,

Сағыныштан жүрек бийтақат болып.

 

Алысқа көз тигип, турсам ойланып,

Қуслар келди Айбүйирди айланып.

Әттең жаным, адамзатта қанат жоқ,

Бар қол жетпес әрман, қыял, айралық…

 

2011

                

ТЫРНАЛАР

Ерте қайтқан тырналар,

Диң аспанда айланар.

Тыррыўласар, қыйналар,

Дәртин айтар қалай да׃

 

«Хош бол көлим, жайлаған,

Айдынында ойнаған.

Бизге зүрияд сыйлаған,

Тәғдир сонша сынай ма.

 

Туўған жерди көз қыймас,

Кетпесиме қыс қоймас,

Қарлы боран, муз қоймас,

Жазған шығар маңлайға.

 

Алып кетер жүгим жоқ,

Азығым жоқ, шөбим жоқ,

Қуйрық-пәрсиз күним жоқ,

Қос қанатым талмай ма.

 

Баслаң бағдар билгенлер,

Қалмаң быйыл ергенлер,

Аңламасын мергенлер,

Түсирмесин оңайға.

 

Қубла қайда, күн қайда,

Тыным алар түн қайда,

Тынбай ушар ҳал қайда,

Суўат барма қолайға.

 

Әмиў суўы мол болғай,

Сай, салалар көл болғай,

Жыл қусына жол болғай,

Енди бәҳәр, жаз айға!».

 

…Тыррыўласқан тырналар,

Аўыл үстин айланар.

«Гүз» деп жаным қыйланар,

Қой кеўлим, муңайма!

 

2006

 

АДАМНЫҢ НӘПСИ

 Искендерге келип түскен дүньяның,

Арасынан,

Шыққан екен адамның қуў геллеси…

Басып турды тәрезиниң бир жағын,

Бир жағына,

Жеңил көлди бар мүликтиң ҳәммеси…

…Көп ишинен,

Шығып бир дана ғарры,

Көз орнына қуйды,

Уўыс топырақ.

Сонша ғана қуў бас шықты жоқары,

Искендер де қорқып кетти қалтырап…

«Адам нәпси тоймас сирә, дүньяға,

Көзлерине қум қуйылмай бир уўыс!»,

Деп ләшкеррин ертип Искендер сонда,

Қайтқан дейди өз елине тым-тырыс…

***

Баҳасыз өмиримниң қымбат сааты,

Ўақтым өтип атыр кеўлим толмай.

Он ис турар биреўи питкен заматы,

Дәўир талабына сәйкес бола алмай…

 

Питпегени күтер, қосығым питсе,

«Бизге нәзериңди, достым, бур» десип,

Гей күним биймәни жылт етип өтсе,

Екиншиси келер «тойға жүр» десип…

 

Бийтаныс оқыўшым! Ойлама енди,

«Демек, жан ҳәзлигин билмес бул адам!»

Ал, мен айта алмай кеўлимдегини,

Өмирден өтиўден ғана қорқаман…

 

ҚАСҚЫРДЫҢ ЕРЛИГИ

Бир неше күн жүрип, тап болмай азық,

Аш қасқыр аўылға келди жатарда.

Қой ийисин сезип, жүреги сазып,

Шырақлар сөнгенше шыдады зорға…

 

Қаўын жеўге сум сағал тескен,

Ҳәремниң тесигин дем де кеңейтип,

Бас қарықты бойлап буққышлап әстен,

Төрт-бес адым ғана үлгерди өтип…

 

…Бирден жан питкендей бос топыраққа,

Артқы аяқ пәнжесине «ғарс»етти қақпақ..

Соңғы рет қарады да қой қора жаққа,

Бөри қутырыўға умтылды шаққан…

 

Қасқырға тәбият ерлик те,

Ерлик  те берген.

Мине өз сүйегин шайнар тислери…

Дийқанды ойға салды азанда келген,

Қасқырдың сыйрағы, қанның излери…

 

ЕЛ ПЕРЗЕНТИ

Генерал Жаңабай Шилмановқа

Гейде қара түтин, гейде шаң жутып,

Қырық жыл қуралын қолында тутып,

Нағыз генераллық жолларды өтип,

Келген мәрт перзентлер елге ылайық.

 

Журттың тынышлығын, парахат таңын,

Жақты келешегин, азат Ўатанын,

Дослар ойнап күлген туўған мәканын,

Қорғап шыққан мәртлер төрге ылайық.

 

Бийғәрез елим деп, журтым деп жанған,

Оққа да, отқа да қаймықпай барған,

Тайынбай ис етип, шыққан қумардан,

Дәў жүрек Едигедей ерге ылайық.

 

Жолы қысқа болар, өтирик-жалғанның,

Шынлық-шыңы болар жаслық әрманның.

Елге хызмет етип, алғыс алғанның,

Аты өшпес гәўҳар, зерге ылайық!

 

2010

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЫМ

Арқасы, батысы-қазақ даласы,

Қубласы-Хорезм, түркмен обасы,

Жайҳуннан суў ишкен, көкте қуяшы,

Мәканым бар, жер-аспанның арасы.

 

Дана десе Берунийдей данамыз,

Ай-жулдызға ойлы нәзер саламыз.

Уллы Жипек жолы өткен мәканда,

Бой тиклеўде аўыл менен қаламыз.

 

Қара таўда алтын, мерўерт кәним бар,

Ҳәк таўым бар, асыл дузым тағы бар,

Газдиң кәни Үстиртим бар, кең дала,

Адам-ата енши берген жерим бар.

 

Қара үйим бар, Қаратаўға мегзеген,

Музейим бар ел мийрасын жәмлеген,

Қарабайыр тулпар минген жасынан,

Қарақалпақ кийген түрктиң биримен.

 

Көк көйлегим Эрмитажды безеген,

Сәўкелем бар гәўҳар таслар дизилген,

«Қырық қыз»дай дәстаным бар, жарым бар.

Қобызым бар-жанлы сазлар төгилген.

 

Байрағым бар-көкке бағып турғандай,

Гербим бар-ел тамғасы болғандай,

Гимним бар-кеўлим тасар айтқанда,

Нызамым бар жер-жәҳән тән алғандай.

 

Тамырымда мийрас қалған илим бар,

Сайрап турған қарақалпақ тилим бар,

Ғәрезсизлик байрағын тик услаған,

Еркин өскен, еркин ойлы елим бар!

 

Руўҳым бай-бар Наўайы, Бердағым,

Мақтымқулы сөзин, Абай әрманын,

Теңдей оқып, кеўилине бир түйген.

Терең тамыр урған қарақалпағым!

 

Өзбек, қазақ, түркмен сүйген аспаным,

Төрт туўысқан бирге жазған дәстаным-

Жулдызың жоқары болсын еле де,

Гүллен мениң, Қарақалпақстаным!

 

2011

 

САҲРА ЖУЛДЫЗЫ

Саҳра – шөллер ишинде,

Кәраматты көрдиң бе?

Жасыл гүллер ишинде,

«Елабад»ты көрдиң бе?

 

Кәсиптиң де жаңасы,

Жас химиклер қаласы,

Алтын,зердей содасы,

Дәраматты көрдиң бе?

 

Базарлықлы заты бар,

Журт таныған аты бар,

Илимнен қанаты бар,

Шарапатты көрдиң бе?

 

Жаңа кәсип маманы,

Айдан арыў жамалы,

Кеўилимниң қумары,

Перийзатты көрдиң бе?

 

2011

 

БАЛАЛЫҒЫМ

«Шымбыр көл»диң үйрегиндей,

Суўдан шықпай, үйге келмей,

«Тымпай жап»тың сүйригиндей,

Суўды сүйген балалығым.

 

Ерте бәҳәр сүтилмеги,

Тил үйирген туттың бүри,

Уўылжыған ериклери,

Бағлы ҳәрем балалығым.

 

Жоңышқаның гүлтесинде,

Жамбылшаның ийисинде,

Гүләбиниң ширесинде,

Қалып кеткен балалығым.

 

Аўылдың ҳәр гиясында,

Қарамықтың сыясында,

Қурқылтайдың уясында,

Уя басқан балалығым.

 

Он жасымнан пахта терип,

Тай үйирип, атқа минип,

Қармақ қурып, қызық көрип,

Шадлы өткен балалығым.

 

Сайыз суўға баспай басып,

Шыпырласа сазан қашып,

Бир-биреўге қыйқыўласып,

Шаўқым салған балалығым.

 

Өстим ерик бағларында,

Тахтакөпир таңларында,

Жетиссем деп әрманыма,

Қыялпараз балалығым.

 

Жазда қонып қаўын қоста,

Түрли қыял келип басқа,

Бир силкинип, дөнип қусқа,

Жулдыз терген балалығым.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги