Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Шамурат Уразов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратовтың қабыллаўында болды.

Илимий-педагогикалық бағдарда бирге ислесиўлердиң әҳмийети ҳәм нәтийжелилиги ҳаққында пикир алмасыўлар менен басланған ушырасыўда Қазақстан Республикасы ҳәм Өзбекстанның, соның ишинде, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында жүргизилип атырған илимий изертлеў жумыслары, жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў мәселелери кең түрде додаланды.

Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Шамурат Уразов институттың дене мәденияты факультетинде сабақ өткенлигин айта келип, бул жерде илим менен шуғылланыў, спорттың ғалабалығына ерисиў, тәжирийбели педагог-спортшыларды тәрбиялап шығарыўда институтта жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди.

Алдағы ўақытлары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети арасында усы бағдарда илимий-педагог кадрларды таярлаў, профессор-оқытыўшылар, студентлер, магистрантлар ҳәм докторантларды биргеликте оқытыў ҳәм тәжирийбе алмасыўда биргеликте ислесиў бойынша келисип алынды.

Мағлыўмат ушын, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети – Қазақстандағы ең дәслепки ашылған халықаралық жоқары оқыў орны болып, түркий тиллес мәмлекетлер арасында халықаралық абыройға ийе болған, түркий дүньясы жасларын бирлестирген дәслепки билим ҳәм илим орайы болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.