Усы жыл 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы республикалық терминология орайы тәрепинен шөлкемлестирилген «Қарақалпақстандағы ғалаба хабар қуралларында әдебий тил нормаларының сақланыўы мәселелери» атамасында семинар болып өтти.

Илажды усы орайдың баслығы Ш.Абдиназимов басқарып барды.

Семинарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты З.Оразымбетова, усы кафедраның доценти, тарийх илимлериниң кандидаты Д.Бекбаўлиев шығып сөйлеп, күнделикли баспасөзде,  телекөрсетиў ҳәм радио еситтириўлерде әдебий тил нормаларының сақланыўы мәселелери, бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерге ҳәм әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2018-жыл 21-майдағы бийлиги менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында республикалық терминология орайы дүзилип, өз жумысын баслады. Оның тийкарғы хызмети, қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыў бағдарын бақлап барыў, миллий терминлерди қәлиплестириў ҳәм оны сөзликлер түринде баспадан шығарыў, тилимиздиң раўажланыўына кери тәсир етип атырған қубылысларды анықлаў, бул тараўда жол қойылып атырған кемшиликлерди дүзетиў бойынша усыныслар бериў болып табылады.

Орай жанында жәмийетлик басламада  жәмийетлик-сиясий, ҳуқықый, экономика, санаат ҳәм аўыл хожалығы, филология, мәлимлеме технологиялары терминлери, гуманитар, тәбийғый және анық пәнлер бөлимлери ҳәрекет етип келмекте. Өткен мәжилисте 1982-1992-жыллары шығарылған «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң толықтырылған жаңа баспасын таярлаў мәселеси қаралды. Айрықша атап өтиў тийис, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, усы институт жанындағы муғаллимлердиң қәнигелигин жетилистириў орайы, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы тилши илимпазларының қатнасында бул жумыс қолға алынды.

Әдебий тил нормаларын сақлаў, оны келешек әўладқа жеткериўде ғалаба хабар қуралларының атқаратуғын хызмети айрықша. Солай екен, бул бағдарда тараў хызметкерлеринен айрықша жуўапкершилик талап етиледи. Деген менен, күнделикли басылымларда, телекөрсетиў ҳәм радио еситтириўлерде тилимизди бузып сөйлеў, сөзлерди орынсыз пайдаланыў, басқа тиллердиң сөзлерин қолланыў сыяқлы бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта. Бул әдебий тил нормаларын сақлаўда, жас әўладты ана тилимизде тәрбиялаўда өзиниң кери тәсирин тийгизеди.

Семинарда филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, «Билим» баспасының директоры, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстан» газеталарының Бас редакторы К.Реймов, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Б.Нурабуллаев, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетовлар әдебий тил нормаларын сақлаўдағы ғалаба хабар қуралларының тутқан орны, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.