АҚШ Конгрессинде cөзге шыққанлар додалаў қатнасыўшылары ҳүкиметти қаржы менен тәмийинлеў ҳәм ҳүкиметтиң және қайта жабылыўынан қашыў ушын «принципиал келисим»ге ерискенин айтпақта.
Келисим ҳаққында дүйшемби күни кеште «Capitol Hill» да республикашылар сенаторы Ричард Шелби ҳәм Демократиялық Конгресс ўәкили Нита Лоуи және бир қатар сиясатшылар арасында болып өткен сөйлесиўлерден соң жәрияланды.
Тәреплер дүйшемби күни АҚШ-Мексика шегарасы бойлап дийўал қурылысы бойынша келиспеўшиликлер себепли додалаўларды даўам еттириўге мәжбүр болған.
АҚШ Президенти Дональд Трамптың декабрь айында шегараны орнатыў ушын 5,7 миллиард доллар талап етиўи өткен айда 35 күнлик ҳүкиметтиң бир бөлегиниң жабылыўына себеп болған еди. Бул АҚШ тарийхында ең узақ мүддетли ҳүкиметтиң жабылыўы еди.
Трамп үш ҳәптелик мүддет ишинде ҳүкиметти қайта ашыўға келисим берген, бул болса конференция қатанасыўшылары 30-сентябрьде жуўмақланатуғын финанс жылының қалған бөлеги ушын мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў бойынша келисимге ерисиўине имкан береди.
Егер Конгресс дийўал қурылысы бойынша ақша ажыратыўға келисим бермесе ҳүкимет және жабылыўы мүмкин, деп ескерткен еди Дональд Трамп.
ӨзА