ӨзХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Мен Ўатанымның раўажланыўына үлес қосыўды қәлеймен!» сүрени астында өткерилип атырған быйылғы таңлаўда басланғыш партия шөлкемлери, қалалық ҳәм районлық басқышларында 18 жастан 30 жасқа шекемги 10 мыңнан аслам жаслар қатнасты.
Жаслар таңлаўларда өзиниң туўылып өскен жерин социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар менен ХДПның бағдарламалық мақсетлерине сәйкес басқа да бағдарлар бойынша өз жойбарларын усынды. Онда олардың пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, жәмийетлик шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўи, социаллық шерикликти нәтийжели қолланыўы мәселелери есапқа алынды.
«Жас сиясатшы – 2017» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалында болып өтти.
Илажға пайтахтымыздағы жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының оқыўшы ҳәм студент-жаслары, оқытыўшылар, партия белсендилери, ғалаба хабар қаралларының хызметкерлери қатнасты.
Таңлаў жуўмағында Кегейли районынан қатнасқан Наўрыз Нурымбетов биринши, Қанлыкөл районынан қатнасқан Тимур Муратбаев ҳәм Елликқала районынан қатнасқан Озода Рўзимова екинши, Мойнақ районынан қатнасқан Феруза Нурлыбаева үшинши орынды ийеледи. Жеңимпаз Наўрыз Нурымбетов таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын Өзбекистан Республикалық басқышына жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги