Усы жылдың 15 ҳәм 18-октябрь күнлери аралығында грек-рим гүреси бойынша Ташкент қаласында болып өткен жаслар арасында Өзбекистан кубогы жарысында республикамыз спортшылары бир алтын, бир гүмис, үш қола медалын қолға киргизди.

Жарыста 60 салмақ категориясында Турабек Тиркашев барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, 97 салмақ категориясында Сардар Шерикбаев екинши, усы салмақ категориясында Умар Қалдыбеков, 55 килограмм салмақ категориясында Султанбек Жийемуратов, 82 килограмм салмақ категориясында Айбек Арысланбаев үшинши орынларды ийелеўге мияссар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги