CОЧИ, 10-октябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Анвар САМАДОВ хабарлайды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 10-октябрь күни Россия Федерациясының Сочи қаласына келди.
Президентимизди Сочи халықаралық аэропортында Россия Федерациясының рәсмий топарлары менен ҒМДА атқарыў комитетиниң ўәкиллери күтип алды.
ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисиниң тийкарғы илажларын 11-октябрьде өткериў нәзерде тутылған. Мәжилис күн тәртибине Дослық Аўқамы шеңберинде сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы 20 ға шамалас мәселе киргизилген.
Саммит жуўмағында ҒМДА ға ағза еллер мәмлекет басшыларының Шаңарақ институтын ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдриятларды қоллап-қуўатлаў бойынша баянаты, Дослық Аўқамына 2019-жылды Китап жылы, 2020-жылды 1941-1945-жыллардағы уллы Ўатандарлық урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы жылы, деп жәриялаў туўралы қарар, сондай-ақ, Дослық Аўқамы еллери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған басқа да ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.
Мәжилисте 2018-жылы Дослық Аўқамына басшылық ететуғын ел мәселеси көрип шығылыўы, регоналлық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысыў нәзерде тутылған.
Президент Шавкат Мирзиёев Сочи қаласында еки тәреплеме бир қатар ушырасыўлар да өткереди.
ӨзА