Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев еркин экономикалық зоналарды ҳәм киши санаат зоналарын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин талқылаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери, тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық жүргизиўши субектлердиң басшылары қатнасты.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында макроэкономикалық турақлылықты беккемлеў, экономика тармақларына ҳәм аймақларға шет ел, бәринен бурын, тиккелей шет ел инвестицияларын белсене тартыў, мәмлекетлик мүлк меншиклестирилген объектлер базасында жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, ўәлаят, район ҳәм қалаларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы көплеген ўазыйпалар белгиленген. Елимизде еркин экономикалық зоналардың, технопарклер менен киши санаат зоналарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жаңаларын шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар бунда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 26-октябрьдеги «Еркин экономикалық зоналардың жумысын жетилистириўге ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық бул зоналар ушын және де қолайлы шараятлар жаратылды.
Бүгинги күнде елимизде 14 еркин экономикалық зона жумыс ислемекте. «Наўайы», «Ангрен», «Жиззақ», «Ургут», «Ғиждуван», «Қоқанд» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналарында улыўма нырқы 486 миллион долларға тең 62 жойбар әмелге асырылған, 4 мың 600 ден аслам жумыс орны жаратылған. Фармацевтика саласына қәнигелескен «Нөкис фарм», «Замин фарм», «Касансай фарм», «Сырдәрья фарм», «Байсын фарм», «Бостанлық фарм», «Паркент фарм» сыяқлы 7 жаңа еркин экономикалық зонаны раўажландырыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.
Мәжилисте еркин экономикалық зоналардағы нәтийжелер қанаатландырарсыз екенлиги, оларды буннан былай да раўажландырыў ушын тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, инвесторлар менен исбилерменлерди тартыўды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып еркин экономикалық зоналарда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жетилистириў, шет елден жоқары технологиялық үскенелерди сатып алыў ушын Өзбекистан тиклениў ҳәм раўажланыў қоры қаржысы есабынан 100 миллион доллар муғдарында шет ел валютасындағы кредит линиясы ашылған.
Киши санаат зоналарында дирекциялар шөлкемлестирилген. Кредит алыўда ҳәм банк хызметлеринен пайдаланыўда машқала болмаўы ушын ҳәр бир зонаға белгили бир коммерциялық банк бириктирилген. Базар талапларын ҳәм импорт номенклатурасын үйрениў тийкарында исбилерменлер ушын усыныслар, перспективалы жойбарлардың дизими қәлиплестирилген. Киши санаат зонасында ислейтуғын субъектлер 2 жыл барлық салықлардан азат етилген.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласы районларына, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларға барған ўақтында бос турған ямаса нәтийжесиз жумыс ислеп атырған өндирислик имаратларды барып көрди. Олардан нәтийжели пайдаланыў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириўди хошаметлеў мақсетинде усы имаратлар негизинде киши санаат зоналары шөлкемлестирилди. Елимиздеги киши санаат зоналары 96 ға жетти.
Бүгинги күнге шекем бул зоналарда улыўма нырқы 535 миллиард сумға тең 1021 жойбар әмелге асырылған, 9 мың 600 ден аслам жумыс орны жаратылған. Жойбарлар шеңберинде тек ғана ишки емес, ал сыртқы базарда да өтимли болған жеңил санаат, химия, азық-аўқат өнимлери, электр техникасы буйымлары, заманагөй қурылыс материаллары, мебель және басқа да таяр өнимлер ислеп шығарылмақта. Буннан тысқары, 248 жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 11 мың жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилмекте.
Мәжилисте киши санаат зоналарының инвестицияларды тартыўдағы, исбилерменликти раўажландырыўдағы, жаңа жумыс орынларын жаратыўдағы ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўдағы әҳмийетине айрықша тоқтап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң бул саладағы жумысын сынға алып, оларда инталылықтың жетиспеўшилигин, еркин экономикалық зоналарды ҳәм киши санаат зоналарын раўажландырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў дәрежеси төмен екенлигин атап өтти.
Атап айтқанда, жуўапкер министрликлер менен ведомстволар тәрепинен жойбарларды көрип шығыў ҳәм муўапықластырыў процеси қурамалылығынша қалып, әдетте рәсмий харктерге ийе болмақта. Еркин экономикалық зона қатнасыўшыларына жер участкаларын ажыратыў мәселелерин шешиўде елеге шекем бюрократизм иллетлери сақланып қалмақта.
«Ургут», «Қоқанд», «Ғиждуван» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналары, сондай-ақ, фармацевтика бағдарындағы еркин экономикалық аймақларда жаңа кәрханалар шөлкемлестириў ушын шет ел инвестицияларын тартыў жумыслары төмен дәрежеде алып барылмақта. Еркин экономикалық зоналарды ҳәм киши санаат зоналарын электр энергиясы, тәбийғый газ, суў ҳәм басқа да коммуникация тармақлары менен турақлы тәмийинлеўде машқалалар бақланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы усы сыяқлы кемшиликлерди сапластырыў, еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында инвесторлар менен исбилерменлерге және де кең имканиятлар жаратыўға байланыслы комплексли илажлар ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берди. Бәринен бурын, усы зоналардың жумысына байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны қайта көрип шығыў, бүгинги заман талапларына сәйкеслендириў, ҳәмме ушын ашық-айдын және түсиникли механизм жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Жер участкаларын, бос турған имаратларды ажыратыў тәртибин әпиўайыластырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, еркин экономикалық зоналарда әмелге асырылатуғын жойбарлар Министрлер Кабинети жанындағы Ҳәкимшилик кеңес тәрепинен көрип шығылады. Усы ўақытқа шекем бул кеңес 17 министрлик ҳәм ведомстводан ибарат еди. Президентимиздиң көрсетпесине муўапық олардың саны 4еў етип белгиленди.
Бул бағдарда жаңа система-аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилип, олардың жойбарларды көрип шығыў ҳәм руқсат бериў ҳуқықлары кеңейтилди. Сондай-ақ, экономикалық зоналарда жайластырыў ушын инвестициялық жойбарларды таңлап алыў өлшеми қайта көрип шығылады, еркин экономикалық зона қатнасыўшыларына кредит ажыратыўды жақсылаў ҳәм инженерлик тәмийнат қураллары менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар қабыл етиледи.
Мәжилисте еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында жайласқан кәрханаларды барлық зәрүр инженерлик-коммуникация тармақлары және инфраструктура менен өз ўақтында тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА