БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң дин ҳәм исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы А.Шаҳид басшылығындағы делегация 2-12-октябрь күнлери сапар етип елимизде болады.
Сапар етиў даўамында делегация ағзалары Өзбекистанда дин ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў саласында әмелге асырылып атырған жумыслар, елимиздиң бул бағдардағы унамлы тәжирийбеси менен танысады, тийисли усыныслар ислеп шығады.
БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң (ИҲК) арнаўлы баянатшылары инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт бериў ўәкиллигине ийе бийғәрез экспертлер болып табылады. Арнаўлы баянатшылардың системасы БМШ жумысында орайлық орынды ийелейди ҳәм барлық пуқаралық, мәдений, экономикалық, сиясий және социаллық ҳуқықларды қамтып алады. Бул ўазыйпалар БМШ ИҲКниң тийисли резолюцияларында белгилеп қойылған.
Арнаўлы баянатшылар, бийғәрез экспертлер ҳәм жумысшы топарлардың ағзалары БМШ ИҲК тәрепинен тайынланады. Олар өзлерине қалыслық пенен, ҳүжданлы ҳәм әдалатлы жумыс алып барыў арқалы бийғәрезликти, нәтийжелиликти, тийкарланғанлықты ҳәм бир пүтинликти тәмийинлеў миннетлемесин алады. Арнаўлы баянатшылардың бийғәрез статусқа ийе екени олардың өз ўазыйпаларын қалыс орынлаўында үлкен әҳмийетке ийе.
БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссарының жәрдеминде арнаўлы баянатшылардың ҳуқықлары бузылғаны ямаса басқа да өз мәпине пайдаланыўшылыққа жол қойылғаны мүмкин болған жағдайларға итибар қаратыў мақсетинде мәмлекетлерге яки басқа да шахсларға хабар бериў арқалы инсан ҳуқықлары бузылыўының жағдайларына яки және де кең шеңбердеги ҳәм структуралық түрдеги машқалаларға байланыслы илажлар көреди, инсан ҳуқықлары саласында халықаралық стандартларды ислеп шығыўға жәрдем береди, мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларында қатнасады, жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырады ҳәм техникалық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер береди.
Арнаўлы баянатшылар ҳәр жылы БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине, айрықша жағдайларда болса, БМШ Бас Ассамблеясына есап береди.
А.Шаҳидтиң Өзбекистанға сапар етиўи оның Орайлық Азия еллерине дәслепки сапары болып есапланады.
Сапар етиў даўамында мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, Өзбекистанда жумыс ислеп атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў режелестирилген.
Атап айтқанда, делегация ағзалары Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Сыртқы ислер, Ишки ислер, Әдиллик, Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери, Конституциялық ҳәм Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Дин ислери бойынша комитети, Ҳаял-қызлар комитети, Мусылманлар мәкемесинде ушырасыўлар өткереди.
Сапар етиў бағдарламасында, сондай-ақ, миллий мәдений орайлар ҳәм диний конфессиялар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, Өзбекистан Республикасы Президенти Халық Қабыллаўханаларының ўәкиллери менен ушырасыўлар нәзерде тутылған. Халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары, елимизде жумыс ислеп атырған дипломатиялық корпус хызметкерлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллери және Ташкент ислам университети студенлериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманын өткериў режелестирилген.
ӨзА