Усы жыл 27-август күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында белгили қарақалпақ художниклериниң дөретпелеринен ибарат «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген идеяны өзинде жәмлеген «Реңлер жилўасында – Ана жер келбети» атамасында көргизбе ашылды.

Көргизбеде 20 ға шамалас художниктиң 50ге жақын живописьлик, графикалық, скульптуралық жумыслары орын алған.

Художниклердиң картиналарында  елимиздиң ғәрезсизлик жылларында ерискен жетискенликлери, миллий мийрасларымыз бенен үрп-әдетлеримиз, елимиз тарийхы, үлкемиздиң тәбияты, заманласларымыздың турмыс тәризи өз сәўлелениўин тапқан.

Көргизбеден орын алған жас художниклер З.Баймурзаевтың «Гүз», «Композиция», С.Бабажановтың «Қуяштың батыўы», Т.Сулаймановтың «Натюрморт»,  Б.Серекеевтиң «Этюд», Ж.Айбатовтың «Әмиўдәрья бойында» дөретпелери жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Көргизбе 7-сентябрьге шекем даўам етеди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы