Пайтахтымызда “Раӯажланыӯ стратегиясы” орайы тәрепинен БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы офиси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан -2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаӯ ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыӯға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы пәрманы жойбарын жәмийетшиликтиң додалаӯы шөлкемлестирилди.
Додалаўда 200 ден аслам экспертлер, атап айтқанда, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, Өзбекстандағы сырт ел дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер, Жәҳән банки, Ислам раӯажланыӯ банки, Европа тиклениӯ ҳәм раӯажланыӯ банки, Европада қәӯипсизлик ҳәм бирге ислесиӯ шөлкеми ўәкиллери, министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуӯапкерлери, “Раӯажланыӯ стратегиясы” орайы экспертлери, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм журналистлер қатнасты.
2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарының мазмун-мәниси, онда белгиленип атырған тийкарғы илажлар, ӯазыйпалар ҳаққында мағлыӯмат бериӯ, “халықаралық экспертиза”дан өткериӯ, сырт ел экспертлериниң пикир-усынысларын ҳәм концептуаллық усынысларын алыӯ ҳәм усы арқалы ҳүжжетти және де жетилистириӯ мақсетинде өткерилген илажда бағдарлама жойбары қызғын додаланды. Додалаӯлар процесинде мәмлекетлик бағдарлама жойбарында белгиленип атырған илажлар бүгинги глобалласыӯ процесинде Жаңа Өзбекстанның халықтың абаданлығы, тынышлығы, демократия ҳәм инсан ҳуқықлары кепиллигин тәмийинлейтуғын еркин жәмийет ҳәм әдил мәмлекет қурыўға қаратылған концептуаллық ҳүжжет екени атап өтилди.
– 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 295 әмелий илажлар, 87 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, 269 мақсетли көрсеткишлер белгилениӯи нәзерде тутылмақта, – деди “Раӯажланыӯ стратегиясы” орайының атқарыӯшы директоры Элдор Туляков. – Ҳүжжет жойбары 2025-жыл 8-январьдан баслап ” Раӯажланыӯ стратегиясы” орайының арнаӯлы www.uzbekistan2030.uz порталына кең жәмийетшиликке додалаӯ ушын жайластырылды.
Бул портал арқалы халыққа стратегия ҳәм мәмлекетлик бағдарламаның орынланыӯы, сондай-ақ, ҳәр бир мақсет ҳәм көрсеткишлер бойынша өзиниң пикир -усынысларын қалдырыӯ ҳәм билдириӯ имканияты жаратылған.
Бүгинги күнге шекем ҳүжжет жойбарының бағдарлары бойынша 3000 нан аслам пикир – усыныслар келип түскен. Жәмийетшиликтиң додалаӯы 22-январьға шекем даӯам етеди. Соңғы ӯақытларда пуқараларымыздың түрли жәмийетшилик додалаӯлары, мәмлекетлик бағдарламалар жойбарларын жетилистириӯ процесслериндеги белсендилиги артып атырғанлығын атап өтиўимиз керек. Бул бағдарларға байланыслы мақсет-ӯазыйпалар бойынша усыныслар белсендилик пенен билдирилмекте. Сондай-ақ, бул мақсетлерди қалай әмелге асырыӯ бойынша механизмлер бойынша да пикир -усыныслар келип түспекте.
Буннан тысқары, додалаӯларда халықаралық жәмийетшилик ӯәкиллери де өзлериниң усынысларын билдирип, ҳүжжетти жоқары баҳалап атырғаны, сондай-ақ, жойбардағы тийкарғы мақсетлерди турмысқа енгизиўде Өзбекстанға жәрдем бериӯге таяр екенликлерин билдирип атырғаны қуӯанарлы,- деди Э.Туляков.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары Өзбекстанда қабыл етилип атырған әҳмийетли ҳүжжетлер, әсиресе, мәмлекетимиздиң раӯажланыӯына тиккелей байланыслы болған стратегиялық ҳүжжетлер жойбарларын таярлаӯда кең жәмийетшилик, сондай-ақ, сырт ел экспертлери ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң пикир -усынысларын үйрениўге айрықша әҳмийет қаратылмақта. Жәмийетшиликтиң додалаӯы ҳүжжетлердиң халықшыллығын, турмысқа байланыслылығын, ҳәм халықаралық талапларға сәйкеслигин тәмийинлеӯде әҳмийетли орын тутады.
Илажда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабина Маҳл ханым, барлық министрликлердиң ӯәкиллери, сенаторлар, Жоқары суд баслығының орынбасары, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы баслығының биринши орынбасары ҳәм сырт еллердиң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары сөзге шығып, пәрман жойбарының бәнтлеринде белгиленип атырған ӯазыйпалардың әҳмийети ҳаққында өзиниң пикир – усынысларын билдирди. Министрликлердиң ӯәкиллери өз бағдарларынан келип шығып, бағдарламаның ҳәр бир бағдарындағы мақсетлер бойынша алдағы режелестирип атырған илажлары, бәнтлердиң орынланыӯын тәмийинлеӯ бойынша министрликлер алдында турған ӯазыйпалар бойынша мағлыӯматлар берди.
5 әҳмийетли бағдардан ибарат мәмлекетлик бағдарламаның мазмунына, онда белгиленген тийкарғы мақсетлердиң мәнисине итибар қаратсақ, булардың барлығы халқымыздың абадан турмысы, соның менен бирге қолайлы ҳәм жақсы жасаў ушын гезектеги қәдем екени белгили болады. «Жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климат өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў, «жасыл транспорт»ты енгизиўге қаратылған мақсетлер бүгинги экологиялық жағдайда үлкен әҳмийетке ийе.
Пикир-усынысларда мәмлекетлик бағдарлама жойбарын жәмийетшилик, соның ишинде, халықаралық жәмийетшилик ўәкиллери менен додалаў арқалы оны және де жетилистириў, халықшыллығын, халықаралық стандартларға толық сәйкес келиўин тәмийинлеўге ерисилетуғыны айрықша атап өтилди. Сол себепли кең жәмийетшилик ўәкиллери жойбарды додалаўда өз усыныслары менен белсене қатнасыўға шақырылды.
ӨзА