(очерк)

Пайтахтымыздағы 19-санлы мектептиң биринши класында оқып атырған Нигора ҳәр күни оқыўдан қайтар екен, мектептеги спорт гимнастикасы бойынша шөлкемлестирилген дөгеректеги шынығыўларға ҳәўес пенен қарап турар еди. Оны сезген тренер қыздың қасына келип, оның қызығыўшылығын сорады ҳәм оның көринисине қарап спорт гимнастикасына емес, көркем гимнастикаға қатнасыўы кереклигин мәсләҳәт етеди. Соң оны «Оқыўшылар сарайы» нда көркем гимнастика бойынша жақында ашылған дөгерекке алып барады. Узақтан көз тигип қарап киятырған тренер Янер Юлия Григорьевна алып барып турған тренерге қарай «бул қыз ким» деп сорайды. Соң оның

бойы, қол-аяғының узын, қәддиниң тик екенлигин көрип, егер бул спорттағы қыйыншылықларға көнсе, аўқатланыў режимине  әмел етсе дөгерекке қабыл ететуғынлығын айтады. Тренер менен сөйлесип турып, айнадан лента, топларды ойнатып шынығыўлар ислеп атырған қызларды көрген Нигораның көркем гимнстикаға деген қызығыўшылығы және де артты. Ол барлық қыйыншылықларға көнетуғынын айтты. Солай етип Нигораның көркем гимнастикадағы дәслепки қәдеми басланады…

Жети жастан баслап, жигирма жасқа шекемги аралықта тынымсыз шынығыўлар нәтийжесинде тәжирийбели тренердиң қол астында ол көплеген нәтийжелерди қолға киргизеди. Лекин, барлық табыслардың артында мийнет жатқанындай, ол өз үстинде тынымсыз иследи, изленди ҳәм шынығыўларды күшейтти.

-Шынығыў залына үйимиз жақын болғанлықтан ҳәр күни таңда паркти айланып жуўырып, соң залға барып саат алтыдын баслап, бир ярым саат шынығыў ислер едим. Себеби, мен қатарымдағы қызларға жетип алыўым керек еди. Қараўылға өтиниш етип, залды ашып бериўин айтаман. Сөйтип жүрип оқыўға, кеш қалатуғын едим,-деп еслейди ол балалық жылларын. -Ҳәр күни оқыўдан кешигип баратуғын мени бир күни класс басшым мектеп директорының алдына алып барды. Сол ўақытта мен шынығыўларға барып, сабақтан кешигип жүргенлигимди айттым. Директор мени тыңлап турды да, бул қызға ҳәр күни он минут оқыўдан кеш келиўине рухсат деди.

Ҳәр күни таңда ерте турып, шынығыўларға кетип қалатуғын генже қызының көркем гимнастикаға қатнасып жүргенлигин анасы да бир айдан соң хабардар болады. Ол соған шекем әжапасына ойласып жүреди.

Солай етип ол тынымсыз шынығыўлар нәтийжесинде өзинен бурын қатнап атырған қызлардың ерискен жетискенликлерине 4-5 ай ишинде жетип алады. Бир жылға жетпей-ақ, ишки жарысларға, 3-класынан баслап үлкен жарысларға қатнасып баслайды ҳәм дәслеп онлық, соң беслик ҳәм 6-класында күшли үшликтиң қурамына киреди. Ол бурынғы аўқам ўақтындағы Россияның көплеген ўәлаятларында көркем гимнастика бойынша өткерилген көплеген чемпионатларда, кубок жарысларында алдынғы орынларды ийелейди. Атап айтқанда, 1990-жылы июнь айында  Запорожье қаласында көркем гимнастика бойынша өткерилген пүткил аўқамлық турнирде биринши, 1989-жылы 31-июль-2-август аралығында Украинада өткерилген Қрым ўәлаятының бириншилигинде екинши, сондай-ақ, 1989-жылы Түркияның Стамбул қаласында өткерилген Жәҳән чемпионатында екинши орынларды ийелейди. Оның ерискен табыслары талай ғана. Сондай-ақ, 1986, 1987,1988, 1989-жылларда өткерилген Өзбекстан кубок ойынларында алдынғы орынларды ийелеўге миясар болды. Ол жарысларда Өзбекстан сайланды командасы қурамында жеке ҳәм командалық программаларда да қатнасты.

Нигора 1992-жылы Ташкент экономика университетине оқыўға киреди.  1999-2004-жыллары ол ушын спортта үзилис болған жыллар болды.  Экономика тараўында жумыс ислеп жүрген қызға Россия мәмлекетинен тренерлик жумыс ушын усыныс келип түседи. 2004-жылдан 2006-жылға шекем ол Россияда шәртнама тийкарында спорт мектепте көркем гимнастика бойынша тренер болып жумыс ислеп, ол жерде спортшылардың жақсы нәтийжелерге ерисиўине себепши болады. 2006-жылы пайтахтымыз Нөкис қаласында спорт дөгереклерин жәмлеген жаңа Манеж қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылады. Манеждеги көркем гимнастика дөгерегине тәжирийбели теренер зәрүр еди. Соңғы ўақытлары республикамызда бул спорт түрин раўажландырыў мәселеси басшылар тәрепинен ойласылғанда тренерликке Нигораның кандидатурсы бир аўыздан қоллап-қуўатланады ҳәм оны жумысқа шақырады. Кишкенелигинен бәрқулла қоллап-қуўатлап, спортта спонсорлық жумыслары менен көплеген жәрдем берип киятырған анасы менен ойласқанда, ол қызына дурыс   жол көрсетеди ҳәм азғана айлық, жаратылған шараятлар оншелли айтарлықтай болмаса да Нигора Манежде тренер-оқытыўшы болып жумысты баслайды.

-Манеж тазадан қурылғаны менен көркем гимнастика ушын айтарлықтай жетерли шараятлар жоқ еди. Лекин, бар имканиятты иске салып,  оқыўшы қызларды жыйнаў ушын мектеплерге дағазалар бердим. Сол ўақытта көркем гимнастика жүдә зәрүр екен. Ата-аналар кишкене қызларын алып келе баслады. Бир ҳәптениң ишинде 120 қыз жыйналды. Солай етип жумысты басладық,-дейди Н.Палванова.

Мине, соннан баслап Нигора республикамызда көркем гимнастика бойынша тәжирийбели ҳәм халықаралық тренер сыпатында жасларымыздың республикалық ҳәм халықаралық жарысларда нәтийжели қатнасыўында ҳәм көркем гимнастика спорт түриниң абырайын арттырыўда мүнәсип үлес қосып келмекте. 2018-жылдың август айында пайтахтымызда ашылған Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде көркем гимнастика бойынша тренер-оқытыўшы болып ислеп келмекте. Оның таярлаған шәкиртлери Өзбекстан көлеминде ҳәм халықаралық жарысларда қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизбекте. Атап айтқанда,  шәкиртлеринен Шахзада Ибрагимова 2019-жылы Нөкис қаласында Өзбекстан кубогинде, 2019-жылы Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы чемпионатында, 2020-жылы Самарқанд ўәлаятында өткерилген  Өзбекстан Республикасы кубогинде, 2020-жылы Наманган ўәлаятында болып өткен Өзбекстан Республикасы чемпионатында, 2021-жылы Наманган ўәлаятында өткерилген Өзбекстан Республикасы чемпионатында биринши, 2022-жылы Ташкент қаласында өткерилген Жәҳән кубогинде биринши ҳәм екинши орынларды, 2022-жылы Тайланд мәмлекетинде өткерилген Азия чемпионатында биринши, 2022-жыл Түркия мәмлекетиниң Кония қаласында өткерилген  Ислам тилеклеслик ойынларында биринши, 2023-жылы Ташкент қаласында өткерилген  Жәҳән кубоги беллесиўлеринде биринши ҳәм екинши, 2023-жылы Россияның Екатеринбург қаласында өткерилген Жәҳән универиада ойынларында  үшинши, 2023-жылы Филлипин мәмлекетинде өткерилген Азия чемпионатында биринши, 2024-жылы Германия мәмлекетиниң Фебах-Шмиден қаласында өткерилген Халықаралық турнирде үшинши, 2024-жыл Францияда өткерилген гранпри турнирде үшинши орынларды ийелеўге еристи.  Сондай-ақ, ол 2024-жыл 26-28-апрель күнлери Ташкент қаласында өткерилген Жәҳән кубогинде биринши, 2024-жыл 2-4-май күнлери Ташкент қаласында өткерилген Азия чемпионатында биринши орынды ийелеп, 2024-жылы Париж қаласында болып өтетуғын XXXIII  жазғы олимпиадасына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди. 2024-жылы 22-26-июнь күнлери Египет қаласы Каир қаласында өткерилген Египет кубогинде биринши орынды ийеледи. 2024-жылы Францияның Париж қаласында болып өткен  XXXIII  жазғы олимпиада ойынларына қатнасты.

Буннан тысқары шәкиртлериниң және бири Л.Ибадуллаева 2022-жылы Самарканд қаласында өткерилген Өзбекстан кубогинде екинши, 2023-жылы Россия мәмлекетиниң Екатеринбург қаласында өткерилген Жәҳән Универиадасында үшинши орынларды ийелеген болса, Ш.Уракбаева Наманган ўәлаятында өткерилген Өзбекстан чемпионатында екинши, 2022-жылы Россияның Красноярск ҳәм Ульяновск  қаласында өткерилген жарысларда екинши ҳәм үшинши орынларды ийеледи.  Оның шәкиртлеринен командалық ойынлар  бойынша 2014-жылы 6 оқыўшы-спортшы Өзбекстан Республикасы чемпионы, 2019-жыл жеке бағдарлама бойынша бир спортшы Өзбекстан Республикасы чемпионаты жеңимпазы, 6 спортшы спорт шебери, 8 спортшы спорт шеберлигине талабанларды таярлап келмекте.

-Көркем гимнастика қызларымызды гөззаллыққа, шаққанлыққа тәрбиялап, бул спортқа қатнаған қызлар қәдди -қәўметин тик услап, денсаўлықларының жақсы болыўына тийкар жаратады. Бул спортқа қатнаған ўақытта ең дәслеп аўқатланыўға итибар қаратыў керек. Заманагөй менен миллий музыканы үйлестирип, хореографияның гөззал элементлерин жәмлестирип, миллий колоритти күшейтип, топ, халқа, лентаны айландырғанда шаққанлықты биринши орынға қойып, шырайлы етип атқарыў арқалы тамашагөйдиң, төрешилердиң итибарын тартыў лазым. Буны ҳәр шынығыў ўақтында қызларға түсиндиремен. Күшлиден, күшли шығады. Соның ушын сәл бослаў ҳәм итибарсызлық пенен имканиятты қолдан берип қойыўы мүмкин,-дейди ол.

Излениўден шаршамайтуғын тренер 2022-жылы Өзбекстан денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалын тамамлап, бакалавр дипломын алады.

Нигора Палванованың излениўшеңлиги, жас әўладты тәрбиялаўда ҳәм елимизде спортты раўажландырыўға болған тынымсыз мийнетлери мүнәсип баҳаланып, 2007-жылы “Өзбекстан спорт шебери”, 2001-жылы “Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы”,  2021-жылы “Соғлом турмуш”  ордени, 2024-жылы “Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спорт устазы” мәмлекетлик атағы менен сыйлықланады.

Жаңа 2025-жыл қарсаңында “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўында ол гран-при сыйлығына ылайық деп табылды ҳәм Президент саўғасы автомобиль менен сыйлықланды.

-Ҳүкиметимиз тәрепинен мийнетлеримниң мүнәсип баҳаланғанлығы мени және де келешекке қарай жигерлендирмекте. Алдағы ўақытларда қызларымызды халықаралық жарысларда алдынғы орынларды ийелеўге ҳәм сайланды команда қурамына таярлаўда таярлық жумысларымызды және де күшейтиўге ҳәрекет етемен,-дейди ол қуўанышлы түрде.

Шашларын төбесине түйип, шырайлы формаларды кийип алып, шынығыў залында тренердиң айтқанларын орынлап, музыка астында таярланып атырған кишкене қызлар кимниң болса да итибарын тартады. Оларға өзиниң шырайлы ҳәрекетлери менен түсиндирип баратуғын  Нигора ҳәр қашанда өзинде шаршаған кейпиятты сезинген емес.

-Булар мениң қызларым,- дейди ол. Ҳәзир жүзден аслам қызым бар. Қуда қәлесе еле олардың арасынан халықаралық жарыслар менен олимпиада чемпионлары жетилисип шығады.

Оның менен сәўбетлесип, залдан узақласар екенмен, буннан 43 жыл бурын оны өзине шәкирт етип алған тренери Янер Юлия Григорьевнаның ғайбарлығын онда көргендей болдым. Демек күшли тренерден күшли тренер жетилисип шықты. Биз исенемиз, Нигора еле өзиндей талай спортшыларды, күшли тренерлерди жетилистирип шығарады.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги