Өзбекстанның барлық район ҳәм қалаларындағы  аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўы көрсеткишлерин толық қамтып алыўшы «Омбор китоби» жойбары санластырылды.

Аграр ҳәм азық-аўқат тараўларындағы стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўға қаратылған бул жойбар Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2024-жылдың жуўмақларына бағышлап өткерилген мәжилисте белгиленген тийкарғы ўазыйпалар тийкарында ислеп шығылған. Бул мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.

«Агросанаатты санластырыў орайы» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылған бул система «жер балансы», «суў балансы», «азық-аўқат балансы», «инвестиция-экспорт» сыяқлы тийкарғы бағдарлардағы мағлыўматларды басқарады. Бул арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдиң нәтийжелилиги артады.

Онда ўазыйпалар мониторинг етиледи ҳәм орынлаў процесслери тиккелей бақлап барылады. Сондай-ақ, мәлимлеме системасы менен жумыс алып барыўды жолға қойыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, ўәлаятлар басқармалары ҳәм районлық бөлимлердиң ўәкиллери ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилди.

«Омбор китоби»ның тийкарғы мақсети – азық-аўқат қәўипсизлиги стратегиясын жетилистриў, аўыл хожалығы ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм экспорт имканиятларын арттырыўдан ибарат. Усы жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен белгиленген прогноз параметрлерге ерисиў бойынша системалы жумыслар алып барылады.

Бул жойбардың әмелиятқа енгизилиўи Өзбекстан аўыл хожалығы тараўын заманагөйлестириў ҳәм глобал бәсекиге шыдамлылықты арттырыўда үлкен жетискенликлерге алып келиўи күтилмекте, делинеди Аўыл хожалығы министрлиги мағлыўматында. Қалаберди, бул система улыўма процесслер даўамында және де жетилистирилип барылады.

                                                                                                                    ӨзА