Қанлыкөл районы Арзымбетқум аўыл пуқаралар жыйынындағы “Бес қала-2” фермер хожалығының атыз басында Президентимиздиӊ 2024-жыл 30-декабрь күнги “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарары талапларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине арналып әмелий көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Оған районда 2025-жылы атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларыныӊ әтирапларындағы майданларда, қыйтақ жерлерде, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапы ҳәм мәҳәллелердеги ишки көшелерде аўыл хожалығы өнимлери жетистирилиўин шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша дүзилген район жумысшы топарының ағзалары ҳәм фермерлер, дийқан хожалықлары ҳәм пуқаралар жыйынларының басшылары, карантин хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Аўыл-хожалығы бөлиминиң баслығы У.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги баслығының биринши орынбасары П.Орынбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, атызлардың шетлеринде, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапларындағы майданларда, қыйтақ жерлерде, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың әтирапы ҳәм мәҳәллелердеги ишки көшелерде аўыл хожалығы өнимлери жетистирилиўин шөлкемлестириў бойынша кеӊ түрде түсиниклер берилди. Пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгиленди.


Атап өтилгениндей, керек болса ҳәр бир пуқара өз үйи әтирапындағы жерден өзине керекли өним алыўын шөлкемлестириў зәрүр.

Сондай-ақ, илажда қарар тийкарында берилген жеӊилликлер бойынша мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги