Хабарыңыз бар, 2024-2025-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мәкемелериниң муғаллимлери ушын пәнлер кесиминде “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.
15-16-январь күнлери ментор оқытыўшылар тәрепинен ҳәр бир район ҳәм қала аймағындағы таяныш мектеплерде “Кәсиплик раўажланыў күни” илажлары болып өтти.
Республикамыз бойлап өткерилип атырған “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажлары муғаллимлердиң кәсиплик раўажланыў системасын үзликсиз тәмийинлеў, олардың кәсиплик шеберлиги ҳәм илимий тәжирийбе дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў, улыўма орта билим бериў мәкемелериндеги билимлендириўдиң сапасын арттырыўға бағдарланған.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасында анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша 34 таяныш мектепте 58 ментор оқытыўшы 1442 жетекши муғаллимге семинар өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги