«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан имканиятын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў мәмлекетти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген.
Мәмлекетлик бағдарламадан орын алған 5 тийкарғы бағдарда ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған мақсетлер қамтып алынған.
Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери ҳәм Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетлериниң биргеликтеги мәжилисинде усы ҳаққында сөз болды.
Быйылғы жылы 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў системасы менен қамтыў дәрежесин 98 процентке жеткериў, улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын 65 атамадағы жаңа сабақлықлар, шынығыў дәптерлери, оқытыўшы методика китапларын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў ушын жеке меншик секторды кеңнен тартыў мақсетинде мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў мектеплериниң санын 600 ге жеткериў нәзерде тутылған.
Сырт ел илимий шөлкем ҳәм университетлерге илимий стажировкаға жиберилген изертлеўшилердиң улыўма санында 35 жасқа шекемги изертлеўшилердиң үлеси 80 процентке арттырылады.
Денсаўлықты сақлаў тараўында 7,1 миллион 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында ең көп ушырасатуғын жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, өкпениң созылмалы осбструктив кеселликлери қәўпин анықлаў мақсетинде профилактикалық тексериўлерди өткериў ҳәм 3-18 жастағы 10 миллион балада онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша ғалабалық ҳәм селектив скринигтен өткериў илажлары режелестирилмекте.
Мәжилис даўамында «Өзбекстан-2030» стратегиясының «Қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдарында мәмлекеттиң тынышлықты сүйиўши, прагматикалық белсенди ҳәм избе-из сыртқы сиясатын әмелге асырыўға байланыслы 10 мақсетти қамтып алған усыныслар да көрип шығылды.
Ратификацияланған халықаралық шәртнамалар бойынша миннетлемелердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен перспективалы бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў ҳәм Өзбекстан Республикасының БМШтағы орны ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған илажлар нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар тәрепинен улыўма билимлендириў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингин жақсылаў, жас изертлеўшилердиң үлесин арттырыў, олардың илимий излениўлерин қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатын халық ҳәм мәмлекеттиң мәплеринен келип шыққан ҳалда избе-из әмелге асырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.
Халықаралық бирге ислесиў, сырт ел инвестицияларын ҳәм туризмди жедел раўажландырыў сондай-ақ, халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сенаторлар, экспертлер ҳәм қәнигелер тәрепинен мәмлекетлик бағдарлама жойбарына бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.
Норгул Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы