Халықтың денсаўлығын беккемлеў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 18-декабрьдеги 443-санлы қарарына муўапық, республикамыз бойлап ҳәр ҳәптениң пийшемби күни «дене тәрбия ҳәм спорт күни» деп белгиленген болып, усы тийкарда 30 жастан өткен халықты ғалабалық спорт илажларына қамтып алыў мақсетинде Әмиўдәрья районында бир қатар әмелий жумыслар исленбекте.
Мәҳәллелерде Спорт мектеби менен биргеликте мәҳәлле нураныйлары, халық ўәкиллери арасында азанғы денетәрбия, стол тенниси ҳәм басқа да спорт түрлери менен шуғылланыў бойынша спорт илажлары шөлкемлестирилди.
Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни өткерилетуғын бул спорт илажлары тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте алып барылмақта.
Әмиўдәрья районы бойлап спорт илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги