Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул бағдарда еки тәреплеме баслама жаңа жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар кеңеймекте.
Аўыл хожалығы министри орынбасарының ўазыйпасын атқарыўшы Жамшид Абдузухуров АҚШтың CNFA шөлкеминиң ўәкилерри менен ушырасыў өткерди.
Онда еки тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойыў, жаңа жойбарларды әмелиятқа енгизиў мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў климат өзгериўи машқалаларына қарсы гүресиў бағдарында CNFA шөлкеми менен биргеликте жаңа жойбарларды енгизиў, онда АҚШ тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў мәселелери додалаў орайында болды, делинеди Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматында.
АҚШ шөлкеми жойбарларды енгизиўде азық-аўқат өнимлерин сақлаў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, аўыл хожалығы өнимлерин қадақлаў ҳәм бир қанша бағдарларда өз усынысларын билдирип өтти.
Ушырасыў жуўмағында климаттың өзгериўине қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойыў ҳәм жойбарлар бойынша жуўмақлаўшы усыныслар ислеп шығыўға келисип алынды.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА