«Ҳеш қандай машқала жоқ». Фабритсио Романо Абдуқодир Ҳусановтың «Манчестер Сити»ге трансфери бойынша мағлыўмат берди

Футбол трансферлери бойынша мағлыўмат беретуғын Фабрицио Романо және бир мәрте Абдуқодир Ҳусановтың «Манчестер Сити»ге трансфери мағлыўматларына тоқтап өтти.
Абдуқодир Ҳусановтың «Манчестер Сити»ге өтиўинде ҳеш қандай машқала жоқ. «Ланс» клубы менен трансфер бойынша барлық ҳүжжетлер таяр, тек ойыншы ушын виза күтилип атыр, буннан соң шәртнамаға қол қойылыўы ҳәм рәсмийлестирилиўи күтилмекте.
Ҳусанов та, Витор Райс та «Манчестер Сити»де ойнайды, деп жазды Романо Х (бурынғы Twitter) социаллық тармағындағы бетинде.
Өзбекстан сайланды командасы ҳәм «Ланс» клубы футболшысы Абдуқодир Ҳусанов «қалалылар» менен 2029-жылға шекем шәртнамаға қол қойыўға келисип алғаны ҳаққында хабар берилген еди. Трансфер суммасы – 40 миллион евро.
Мағлыўмат ушын, «Ланс» Ҳусановты 2023-жылы июль айында «Energetik-BGU»дан 100 мың евроға сатып алған еди.
Ҳусанов Франция клубы қурамында 31 ойында майданға түсип, бир мәрте голлы пась әмелге асырды. Оның француз клубы менен дүзген шәртнамасы 2027-жылдың июнь айына шекем әмел етеди.
Transfermarkt мағлыўматына бола, оның базар баҳасы 12 миллион евроға баҳаланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги