Аўыл хожалығы жерлеринен өнимли пайдаланыў бүгинги күнниң үлкен әҳмийетке ийе мәселеси. Буның бир көриниси ретинде Елликқала районындағы Ақшакөл АПЖ аймағындағы “Ақчакўлчи Рейимберган” фермер хожалығында аўыл хожалығы мәселелерине бағышланған көргизбели семинар өткерилди.
Семинарда район ҳәкими В.Б. Ниязимбетов, Өзбекстан Республикасы Өсимликлер қарантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.К.Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Ж.Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баслығы Р.Т.Шербаев ҳәм райондағы аўыл хожалығы тараўының шөлкемлери ҳәм фермер хожалығы басшылары қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрь күнги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-465-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм оның орынланыўы барысына арналды.
Район бойынша атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының әтирапларындағы майданларда, халықтың қыйтақ жери, шаңарақлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алды ҳәм мәҳәллениң ишки көшелериндеги жер майданларын үйренип, анық өлшемлери тастыйықланады.
Семинарда 2025-жылы район аймағындағы атыз шетлериндеги майданларда, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға мийўели тереклер шийе, қәрели, жүзим, бадам, чилон жийде, тут терегин егиў белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги