Кегейли районында гүзги-қысқы мәўсимде айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша район аймағында шөлкемлестирилген арнаўлы штаб ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте профилактикалық илаж болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы, республикалық жумысшы топар ағзасы Б.Матмуратов қатнасып, гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў, көп қабатлы турақ жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм пуқаралардың зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер берип өтти.

Илаж даўамында жумысшы топар ағзалары районның бир қатар аймақларында болып, пуқаралар менен ушырасып, усы мәселелер бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барды.
Усы мазмундағы профилактикалық илажлар республикамыздың барлық аймақларында болып өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги