Мәмлекетимизде жерге болған мүнәсибет түп тийкардан өзгерди ҳәм мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге мәмлекет тәрепинен жәрдемлесиў системасы жаратылып, қосымша жер майданлары пайдаланыўға киргизилди. Ең әҳмийетлиси, халыққа жер участкаларын ажыратыўда ҳәмме ушын тең, ашық-айдын ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртип енгизилди.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Жер ресурслары – Конституция қорғаўында» темасында өткерилген дөгерек сәўбетинде усылар ҳаққында сөз барды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жер участкаларынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў, оларды қорғаў, жаңа жерди өзлестириў ҳәм қайта пайдаланыўға киргизиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, жер ийелериниң мүлк ҳуқықлары кепилленди.
2024-жыл 9-октябрь күни қол қойылған «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен мәмлекетте жерге байланыслы қатнасықларда теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған реформалардың ҳуқықый тийкары жаратылды.
Жаңа редакциядағы Конституцияда да жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм оны улыўмамиллий байлық сыпатында қорғаўды тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртибинде жеке меншик мүлк болыўы мүмкин екени белгилеп қойылды. Бул арқалы пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер тийисли жерлерди оларды өзлери тәрепинен меншиклестирип алыў имканияты жаратылды.
Дөгерек сәўбетинде Тийкарғы нызамымызда ҳеш ким судтың қарарсыз ҳәм нызамға қарсы тәризде турақ жайдан айырылыўы мүмкин емес екени сәўлеленгени, бул өз гезегинде, бир неше жыллардан берли жәмийетимиздеги қыйын машқалалардан бирине айланған «снос» деген машқала пүткиллей сапластырылғаны атап өтилди.
Депутатлардың пикирине бола, Конституцияда өз көринисин тапқан нормалардың әмелиятқа енгизиўи келешекте мүлк ийелерине, соның ишинде, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине олардың жерге болған мүлк ҳуқықын конституциялық дәрежеде беккемлеўге имканият жаратады.
М.Комилова, ӨзА