Халықаралық жынаят суды ҳаққында билген, билмегенимиз
Халықаралық жынаят суды (ХЖС) 2002-жылы Нью-Йоркте қол қойылған Рим режеси тийкарында шөлкемлестирилген халықаралық структура – Халықаралық жынайый суд (ХЖС)тың тийкарғы мақсети дүнья көлеминдеги ең аўыр, соның ишинде, геноцид, инсаниятқа қарсы қаратылған ҳәм урыс жынаятларын тергеў ҳәм судлаў болып есапланады.
ХЖС тарийхы өткен әсирдиң орталарына тақалады. Екинши жер жүзилик урыстың ақырында Нюренберг ҳәм Токио судларының жумысы тийкарында биринши мәрте халықаралық жынаятшылыққа қарсы гүрес системасы қәлиплестирилди. Дурыс, бул ўақытша судлар шығарған ҳүкимлер тек ғана белгили дәўирде әмел еткен.
1998-жыл Римде өткерилген Халықаралық конференцияда Рим режеси қабыл етилди ҳәм бул ҳүжжет ХЖС дүзилиўинде айрықша әҳмийетке ийе болды. 2002-жыл 2-июльде арнаўлы Реже күшке кирди ҳәм суд өз жумысын баслады.
Халықаралық жынаят судының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер:
- Жынаятларды жазалаў. Ҳәр қыйлы мәмлекетлерден түскен шағымлар тийкарында жынаятшыларды судлайды.
- Тергеў алып барыў. Суд өз ўәкиллиги шеңберинде тергеў әмелге асырыўы мүмкин.
- Әдилликти тәмийинлеў. Жынаятшылыққа қарсы гүресте әдилликти тәмийинлейди, жәбирлениўшилердиң ҳуқықын қорғайды.
ХЖС жумыс алып барыўы тийкарынан мәмлекетлер тәрепинен усыныс етилген шағымларға тийкараланады. Ҳәзирги күнге шекем структура бир неше әҳмийетли исти, атап айтқанда, Россия- Украина ҳәм Палестина – Израил келиспеўшиликлерине байланыслы жынаятларды көрип шыққан.
Тилекке қарсы, кейинги ўақытта ХЖС жумысында айырым кемшиликлер де сезилмекте.
– Сиясий тартыс. Айырым мәмлекетлер усы халықаралық шөлкемге кириўден бас тартты ямаса структура қурамындағы, мәселен АҚШ ҳәм Россия сыяқлы мәмлекетлер ағзалығын бийкарлады. Бул жағдай судтың юридикалық күши ҳәм жумысының нәтийжелилигин төменлетти.
– Ресурс жетиспеўшилиги. Қаржы ресурсының шекленгени себепли, ХЖС ушын нәтийжели жумыс алып барыў қыйынласпақта.
– Жынаятшыларды услаўдағы қыйыншылықлар. Көбинесе жынаятшылар белгили бир ҳуқық системасынан пайдаланып, жазадан қашып кетпекте.
– Суд процесиниң узақ созылыўы. Айырым ислердиң жүдә узақ даўам етиўи артынан жәбирлениўшилер қосымша руўхый басым астында қалмақта.
– Әдиллик түсинигине салыстырмалы өзгешелик. Ҳәр қыйлы мәдениятлар арасындағы өзгешелик себепли әдалат түсиниги ҳәр қыйлы талқыланыўы мүмкин.
Негизинде Халықаралық жынайый суд мәмлекетлераралық ҳуқық системасын муўапықластырыўда әҳмийетли орын ийелейди, дүнья көлеминде аўыр жынаятларға қарсы гүресиў ушын зәрүр ҳәм әҳмийетли қурал болып есапланады. Структураның соңғы ўақыттағы жумысы пүткиллей реформаға мүтәждей, ХЖС шеңберинде қатаң нормалар орнатылыўына зәрүрлик бардай. Демек, келешекте судтың нәтийжелилигин арттырып, глобал әдилликти тәмийинлеў процесине үлес қосыў ушын мәмлекетлер ҳәм регионлар арасындағы бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў керек. Усылайынша халықаралық жынаятшылыққа қарсы турыў мүмкин.
Мусулман Зиё, ӨзАның шолыўшысы