Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда байрам алдынан ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

10-11-август күнлери аралығында Тақыятас социаль-экономикалық ҳәм педагогикалық колледжинде ғәрезсизлик байрамы алдынан  спорттың аўыр атлетика түринен  2002-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери спортшылары арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткериледи.

Жарыста жас өспиримлер 42, 46, 50, 56, 62, 69, 77, +77 килограмм салмақ категорияларында, ал қызлар болса 40, 44, 48, 53, 58, 63, +63 килограмм салмақ категориялары бойынша өз-ара күш сынасады.

Жарыс халықаралық аўыр атлетика федерациясы қағыйдалары тийкарында өткериледи.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, жарыстың 1-орын жеңимпазы Самарқанд қаласында өткерилетуғын финаль басқышына жоллама алады.

Сондай-ақ, усы жыл 20-21-август күнлери аралығында пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде байрамы мүнәсибети менен академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери оқыўшы-жаслары ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери арасында спорттың гүрес түринен «Гүрес бизиң миллий байлығымыз» ҳәм «Гүрес миллий мақтанышымыз» сүрени астында ашық турнир өткериледи.

Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет-елимиздиң ғәрезсизлик байрамын көтериңки руўхта өткериў, республикамыздың сайланды командасын муўапықластырыўдан ибарат.

Жарыс халықаралық гүрес қағыйдаларына муўапық алып барылып, оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан спортшылар қатнасады.

Онда ер балалар 60, 66, 73, 81, +81 килограмм, ал қызлар  52, 57, 63, +63 килограмм салмақ категорияларында қатнасады.

Жарыста 1-2-3-орынды ийелегенлер Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Байрам алды өткерилетуғын жарыслар ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги