Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районында мәмлекетимиз басшысының басламасы менен алға қойылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районның ҳәр бир аймағында мийўели ҳәм саяманлы нәллер егиў жумыслары алып барылмақта.

«Шығыс жулдызы» аўыл пуқаралар жыйынында райондағы кәрхана ҳәм шөлкемлер басшыларының қатнасыўында тийкарғы жолдың бойына саяманлы нәллер егилди. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде алға қойылған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Районда 2024-жыл гүз мәўсиминде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде 405 мың түп саяманды ҳәм мийўели нәл егиў жумыслары алып барылмақта.

Д.Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги