Өзбекстанның Венгриядағы елшиси Ойбек Шахавдинов бир ўақыттың өзинде Хорватиядағы елши лаўазымына да тайынланды. Бул ҳаққында мәмлекетимиздиң Будапешттеги елшиханасының баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, 23-октябрь күни Ойбек Шахавдинов Загребте Хорватия  Сыртқы ҳәм Европа ислери министрлиги протокол департаментиниң баслығы Мирта Еленс Жупанға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырған.

Мағлыўмат ушын, Ойбек Шахавдинов Өзбексттаның бул мәмлекеттеги биринши елшиси болып есапланады. Бул елшихананың резиденциясы Будапешт (Венгрия)те жайласқан.

Шахавдинов алдын Сыртқы ислер министрлигиниң Европа мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы институтлары менен бирге ислесиў басқармасы баслығы, сондай-ақ, Өзбекстанның Австриядағы елшиси лаўазымларында да ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги