Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық үлгилер тийкарында раўажландырыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, қәнигелестирилген медицина жәрдем көрсетиўди жетилистириў, тараўда заманагөй емлеў усылларын ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин кеңнен енгизиў, атап айтқанда, қурамалы хирургиялық операцияларды табыслы әмелге асырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жоқары профессионал шеберлик ҳәм маманлыққа ийе болған қәнигелерди таярлаўдағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасы ушын төмендегилер сыйлықлансын:

“Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў  хызметкери” ҳүрметли атағы менен

Исмаилов Сайдимурад Ибрагимович– Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы директоры

                      ІІ дәрежели “Саломатлик” ордени менен

 Гуламов Олимжон Мирзахитович– Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының торакоабдоминал онкохирургия бөлиминиң басқарыўшысы

Мадгазиев Олег Рахматович -Ферғана ўәлаяты көп тармақлы медицина орайының торакоабдоминал хирургиялық бөлими шыпакери

Хайбуллина Зарина Руслановна-Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының клиникалық биохимия ҳәм микробиология бөлими басқарыўшысы

Хайдаров Алишер Эркинович– Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының кардиоанестезиология, кардиореанимация ҳәм жасалма қан айланыў бөлими басқарыўшысы

Ярбеков Рустам Раимқулович– Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының жүрек ишемик кеселликлери ҳәм оның белгилери хирургиясы бөлими басқарыўшысы, кардиохирург

                 “Дўстлик” ордени менен

Рустамова Франгис Камрановна– Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестрилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының  мәсләҳәт поликлиникасы бөлими киши медицина хызметкери

Шуваева Ольга Владимировна-Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының медицина архиви басқарыўшысы

        “Соғлом турмуш” медалы менен

Джураева Нигора Мухсумовна-Академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестрилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайының  магнит резонанс ҳәм компьютер томографиясы бөлими басқарыўшысы

Кадиров Марат Жалгасович- У. Халмуратов атындағы Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медицина орайының хирургия бөлими шыпакери

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы

2024-жыл 26-сентябрь