Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-963-санлы, 20.09.2024 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиди.
Нызамға бола, айырым нызам ҳүжжетлерине жаңа редакциядағы Конституцияда беккемленген, ҒХҚлардың жумысы ҳәм инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлери менен байланыслы ҳуқықый нормалар белгиленетуғынын нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, туўысқанының судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етиў ҳәм оны өтеў барысында пуқаралардың ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екени белгиленбекте.
Буннан тысқары, «Исбилерменлик жумысы еркинликлериниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, исбилерменлик субъектлери нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға өзиниң жумыс бағдарларын еркин түрде таңлаўға ҳақылы екени белгиленбекте.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги