Нөкис қаласындағы моноорайда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен “Әдиллик сейили” ҳуқықый акциясы өткерилди.

Илажға пуқаралар, министрликке бириктирилген жаслар, жоқары оқыў орынларынан, техникумлар, улыўма билим бериў мектеплеринен, Ишки ислер министрлиги академиялық лицейинен, Темурбеклер мектебинен жәми 2 мың адам қатнасты.

Акция дәслеп “Саламатлық ушын бес мың қәдем” жойбары менен басланып, қатнасыўшылар мәнзилге барғаннан кейин мәмлекетлик гимнлерди атқарды.  Буннан кейин викториналар, спорт жарыслары, майыплығы болған шахслар тәрепинен таярланған өнимлердиң ярмаркасы, “Өнертмент” бирлеспеси ағзаларының көргизбеси, көшпели қабыллаўлар, мийнет ярмаркалары болып, халыққа медициналық жәрдем көрсетилди ҳәм  психологиялық мәсләҳәтлер берилди.

Сейил даўамында Қорғаныў басқармасының оркестри ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы, әскерлердиң ҳәм спортшы жаслардың көргизбели шығыўлары болды.

Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен халыққа жигирмадан аслам түрдеги мәмлекетлик хызмет көрсетилди. Әсиресе, пуқаралар О.Айтымбетов ҳәм Ш.Қыдырбаевалардың турмыс қурып,  8 айдан берли бирге жасап киятырғаны, бирақ некеси дизимге алынбағанлығы машқаласына байланыслы мүрәжаты тез үйренилип, жас шаңарақ қуўанышқа бөленди. Усы жердиң өзинде ПҲАЖ бөлими тәрепинен оларға неке дүзилгенлиги ҳаққындағы, М.Мамбеталиев ҳәм Н.Асановаларға болса перзентлериниң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар тапсырылды. Көшпели қабыллаўда халық тәрепинен 40 тан аслам мүрәжат келип түскен болса, соннан 12 мүрәжат сол жердиң өзинде унамлы шешим тапты ҳәм қалғаны қадағалаўға алынды.


“Әдиллик сейили”нде жасларға еледе хош кейпият бағышлаў, олардың билимин арттырыў мақсетинде илажға келген жаслардың арасында интеллектуаллық ойынлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, “Зәкаўат” интеллектуаллық ойынында биринши орынды “Темурбеклер” командасы, екинши орынды “Адолат” командасы, үшинши орынды “Ветеринария” командалары ийелеп, министрлик тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бундай илажлардың өткерилиўи халықтың, соның ишинде, жаслардың ҳуқықый билимин жетилистириўге, оларда Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин күшейтиўге, саламат турмыс тәризин беккемлеўге, мәдениий дем алысларын мазмунлы шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги