Нөкистеги мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң “Дослық үйи”нде “Тадбиркор аёл“ халық аралық исбилермен ҳаяллар ассоциациясы ҳәм German Sparkassenstiftung for International Cooperation шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын бизнес оқыў орайының ашылыў салтанаты болды.
Бул оқыў орайы Германияның Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги (BMZ) тәрепинен қаржыландырылатуғын “Өзбекстанда аграр секторды күшейтиў ҳәм жетерли қаржылай хызметлерди көрсетиў арқалы аўыллық жерлерди раўажландырыў” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.
Ашылыў мәресиминде German Sparkassenstiftung for International Cooperation шөлкеминиң регионаллық жойбар басшысы Инка Рюк, “Тадбиркор аёл” халық аралық исбилермен ҳаяллар ассоциациясының баслығы Гүлнара Маҳмудова, Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Гүлжан Халмуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм усы арқалы дәраматын арттырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, 2019-жылдың май айында басланған жойбар мәмлекетимиздиң аўыллық жерлеринде жасаўшы жасларды бирге ислесиўши банклер (“Агробанк”, “Микрокредитбанк”, “Халқ банки”) менен байланысларды беккемлеў бойынша түрли семинарлар, бизнес ойынлар өткериў ушын 25 тренер таярланды. 2021-жылдың май айынан баслап жойбардың бирге ислесиўшилери қатарына “Тадбиркор аёл” халық аралық исбилермен ҳаяллар ассоциациясы да қосылды. Биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде мәмлекетимиз бойлап жойбардың оқыў-семинарларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде усы күнге шекем басқышпа-басқыш 47 тренер таярланди. Жаслар аўқамы ҳәм “Тадбиркор аёл” ассоциациясының тренерлери тәрепинен 3 мың 500 ден аслам жас ҳәм ҳаял-қыз түрли оқыў-семинарлары арқалы билим және көнликпелерин арттырды.
German Sparkassenstiftung for International Cooperation шөлкеми тәрепинен жойбар шеңберинде аймақларда зәрүр оқыў материаллары ҳәм үскенелери менен дала семинарлары, ашық аспан астында түрли илажларды өткериў ушын Жаслар аўқамына 3 ҳәм “Тадбиркор аёл” ассоциациясына 3 “Дамас” маркалы оқыў автомашинасы берилди.
Ҳәзирге шекем Өзбекстан жаслар аўқамы, “Тадбиркор аёл” ассоциациясы ушын Ташкент қаласы ҳәм бир қатар ўәлаятларда усындай оқыў орайлары пайдаланыўға тапсырылды. Нөкис қаласындағы заманагөй мебель ҳәм техникалық үскенелер менен тәмийинленген оқыў орайы келешекте семинарлар, тренинглер өткеретуғын, тренерлер таярлайтуғын тийкарғы орынға айланады. Соның менен бирге орайда дүньяның түрли мәмлекетлери менен онлайн байланыслар орнатыў, онлайн семинарлар шөлкемлестирилиўи мүмкин.
-Биргеликтеги илажлар Германия Федератив Республикаси Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң Өзбекстан Республикасына рәсмий сапары күнлери өткерилиўи менен әҳмийетли болмақта,-дейди регионаллық жойбар басшысы Инка Рюк ханым.-Мәмлекетлеримиз басшыларының болып өткен ушырасыўлары Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы қатнасықларының беккемленип атырғанлығынан дәрек береди. Пайдаланыўға тапсырылып атырған оқыў орайы исбилерменликке қызығыўшы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың қаржы, экономикалық ҳәм исбилерменлик билимлерин арттырыўға хызмет етеди.
Илаж қатнасыўшылары жойбар шеңберинде таярланған тренерлердиң келешектеги режелери, жақсы нәтийжелерге ерисип атырған исбилерменлердиң жумыслары менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги