Cтудентлик бахтына – талантлы, билимли, инталы ҳәм излениўшең жасларға ғана ериседи.
Республикамызда жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларына таярлық болып атырған бир ўақытта, ўақтынан бурын студент деген атқа миясар болып үлгерген жаслар арамыздан көплеп табылады.
Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған, спортшы жасларымыз ушын жоқары оқыў орнына кириў ушын имканият жарататуғын Өзбекстан чемпионатларында бир қатар үмитли спортшылар жеңимпаз болып, теңлеслеринен алдын студент болыўға миясар болды.
Оларды атап айтатуғын болсақ, аўыр атлетшилер Шахмердан Кемалов, Базаргүл Рамбергенова, жүзиўден Сабит Оразбаев, гүрес түрлери бойынша Ақтеңге Кеўнимжаева менен Сайёра Жолдасова, гандболшы Азамат Генжебеков, академиялық ескек есиўден Азамат Жиенбаев пенен Сайера Худайбергенова, регби-7 бойынша Ерназар Махамбеткаримов, байдарка ҳәм каноэда ескек есиўден Наргиза Дабылова ҳәм жеңил атлетши Жеткербай Қайпназаровлар мүддетинен бурын тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи.
Усы мүнәсибет пенен 14-июль күни пайтахтымыздағы Олимпия ҳәм жоқары спорт шеберлиги спорт мектебинде спортшыларға студентлик сертификатларын тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда сөзге шыққанлар елимизде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар, спортта ерисип атырған жетискенликлер, сондай-ақ, жоқарыда атлары тилге алынған жаслардың әне сондай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, студент болыўға ерискени, усындай ийгиликли жумыслардың нәтийжеси екенлигин мақтаныш пенен айтып өтти.
Буннан соң спортшыларға сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы