Усы жыл 15-июнь ҳәм 4-июль күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Көкшетаў ўәлаятындағы Буўрабай балалар дем алыў орайында «Burabay Summer Fest» атамасында жас өспирим талант ийелериниң халықаралық фестивалы өткерилди.
Фестиваль Қазақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт министрлиги ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилип, Қазақстан Республикасының пайтахты Астана қаласының 20 жыллығына бағышланды. Онда дүньяның бир қатар еллеринен 10 жастан 16 жасқа шекемги 400 ге шамалас жас өспиримлер академиялық, эстрадалық, классикалық бағдарларда ҳәм миллий әсбапта қосық атқарыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша өз талантларын көрсетти.
Бул фестивальға Өзбекстан Республикасынан 18 жас талант ийелери қатнасқан болып, соннан 6 жеңимпаз болған болса, соның үшеўи пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары есапланады. Фестивальда миллий қосық атқарыўшылық бағдары бойынша мектептиң 4-класс оқыўшысы Нурмухаммед Төлемисов биринши,
эстрада бағдары бойынша 5-класс оқыўшысы Хурсандбек Атамуратов екинши ҳәм
академиялық вокал бағдары бойынша 3-класс оқыўшысы Миясар Дәўлетбаева арнаўлы диплом менен сыйлықланып қайтты.
– Мектебимиз 2010-жылы 150 орынлыққа мөлшерленген жаңа имаратқа ийе болған болса, соннан берли бул дәргайда бир қатар талантлы, қәбилетли жас талант ийелери жетилисип шығып, халықаралық ҳәм республикалық таңлаў және фестивальларға табыслы қатнасып келмекте, – дейди мектеп директоры, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Султан Мухаммеддинов. Усы жыл мектеп жәмәәти дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Ардақлаў-2017» сыйлығының «Жылдың ең үлгили балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби» номинациясы бойынша сыйлықланды. Усы жыл март айында балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери арасында өткерилген «Келешек жулдызлары» атамасындағы эстрада ансамбльлери таңлаўының жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикалық басқышында 312 мектеп арасында екинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилген екинши халықаралық «Истъедод» таңлаўына мектептиң эстрада бөлиминиң оқыўшысы Хурсандбек Атамуратов ҳәм миллий саз бөлиминиң оқыўшысы Атабек Таңирбергеновлар табыслы қатнасып, жеңимпаз болып келди.
Ҳәзирги ўақытта бул мектеп оқыўшылары өзи үстинде тынымсыз ислемекте.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы