Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде Әзербайжанның биринши вице-президенти, Гейдар Алиев фонды президенти Меҳрибан Алиеваның жумысына бағышланған китапларды таныстырыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллери, Сыртқы ислер министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң басшылығы, мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған бир қатар сырт елли дипломатиялық корпустың ўәкиллери, усы университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Олий и Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң ректоры Содиқ Сафоев, Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Ҳусан Гулиев, әзербайжанлы илимпаз Парвана Алиева, Тәжикстан Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық-хуқықлы елшиси Абдураҳмон Раҳмонзода ҳәм басқалар туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық, аўызбиршилик, туўысқанлық қатнасықлары барған сайын раўажланып атырғанын атап өтти.
– Бул китаплар презентациясының әҳмийетли тәрепи сонда, усы ағартыўшылық илажлар Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмағында болып өтпекте, – деди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары, усы университеттиң ректоры Содиқ Сафоев. – Жоқары дәрежедеги бул сапар тарийхый әҳмийетке ийе екени менен дыққатқа ылайық болып есапланады. Сапар даўамында бизиң туўысқан мәмлекетлеримиз тек шериклик емес, ал Аўқамласлық қатнасықларын орнатты. Бул еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың ең жоқары шеги болып есапланады. Соның менен бирге мәмлекетлераралық кеңес болып өтти. Бундай бирге ислесиў еки мәмлекеттиң мәплери ушын оғада әҳмийетли болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекеттиң билим ҳәм илим, мәденият тараўындағы шериклигин және де күшейтиў, жоқары оқыў орынларының форумын шөлкемлестириў, бир қатар биргеликтеги ағартыўшылық-илимий жойбарларды әмелге асырыў да нәзерде тутылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Бул баспаның презентациясы Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының бир-бирин жақынырақ билиўине, еки мәмлекет арасындағы аўқамласлық дәрежесине көтерилген қатнасықларын және де беккемлеўге умтылыўының және бир дәлийли болып есапланады.
– Бул мениң екинши китабым, – деди шығарма авторы Айгуль Багирова. – Биринши китабым Әзербайжан Жоқары Бас Сәркардасына бағышланған «Ғолиб саркарда» шығармасы еди. «Меҳрибон Aлиева Ғалаба қозонган саркарданинг нафис кучи» деп аталған китап Әзербайжан Республикасының биринши вице-президенти Меҳрибон Алиеваның жумысы, Ўатанға садықлығы ҳәм пидайылығы ҳаққында сөз етеди. Китап алты тараўдан, 32 мақаладан ибарат. Бул китапты жазыў мен ушын үлкен жуўапкершилик ҳәм мақтаныш болып есапланады.
Илаж даўамында сондай-ақ, Зарифа Гулиеваның «Китоб олти фасл, 32 мақоладан иборат» деп аталған шығармасының да презентациясы болып өтти.
Илажда еки мәмлекет, халықларымыз арасындағы туўысқанлық қатнасықлары жаңа раўажланыў басқышына киргени, усы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Назокат УСМОНОВА, ӨзАның хабаршысы