Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында өткерилген   нәўбеттеги руўхыйлық сааты 18-ноябрь Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилген сәнеге бағышланды.

Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессори, тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қощанов  Өзбекстан Республикасы байрағының қабыл етилиў тарийхы, дүнья жүзиндеги байрақлар тарийхы ҳәм оларды сақлаў, оны ҳүрметлеў қаншелли әҳмийетли екенлигин сөз етти.

Атап өтигениндей, 1991-жыл 18-ноябрь күни «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң нышаны болып есапланады.

Байрақ өзинде пүткил Өзбекстан халқының әзелий тилек-умтылыслары, ерк-ықрары, халқымызға тән миймандослықты сәўлелендирген. Мәмлекетлик байрақтың мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлер, оқыў орынлары, Өзбекстан ағзасы болған халықаралық шөлкемлер, сырт еллердеги елшихана ҳәм турақлы ўәкилханалардың алдында желбиреп турыўы, ҳәр қыйлы байрам салтанатларында, мәмлекетимиз ўәкиллери қатнасып атырған халықаралық көлемдеги сиясий, мәдений-ағартыўшылық илажларда, спорт жарысларында ўатанымыздың абырой-мәртебеси, халқымыздың мақтанышын айқын сәўлелендирип, кеўиллерди толқынландырады.

Мәмлекетлик белгилер бәрқулла муқаддес ҳәм уллы болып, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде жәмлеген ўатанның символы есапланады. Сонлықтанда, мәмлекет байрағы халқымыздың миллий мақтаныш дереги сыпатында елимиздиң бай тарийхый мийрасын өзинде жәмлеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги