Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилисинде шығып сөйледи.
Жаңаланған Конституцияға бола, Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў Нызамшылық палатасының толық ўәкиллигине киреди. Бул әҳмийетли ўәкиллик депутатларымызға үлкен жуўапкершилик де жүклейди.
Биринши гезекте палатаның Мәмлекетлик бюджет орынланыўын қадағалаў механизмлерин және де күшейтиўдиң ўақты-сааты келгени атап өтилди.
Соның ишинде, Ҳүкиметтиң мәмлекетлик бюджетке байланыслы барлық есабатларын палатаға тек ғана Бюджет кодексинде белгиленген аудит жуўмағы менен биргеликте киргизиў әмелиятына өтиў керек.
Буннан тысқары, мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўын қадағалаўда парламент комитетлериниң ролин арттырыў да үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң қәрежетлери үстинен парламент қадағалаўының дерлик сезилмей атырғаны, жаңадан сайланған депутатлар бул мәселеге айрықша қатнаста болыўы керек екенлиги атап өтилди.
ӨзА