“Адолат” партиясы “Жасыл мәкан” акциясын шөлкемлестирди.
Акцияда партияның республикалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, депутатлар, басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты.
Илажда партия ағзалары Шымбай районындағы 44-санлы улыўма билим бериў мектебиниң аймағындағы бос жерлерге ҳәр қыйлы декоратив, мийўе ҳәм саялы терек нәллерин отырғызыў, жерлерди жабайы шөплерден тазалаў, абаданластырыў ҳәм көгалландырыў сыяқлы жумысларын алып барды.
Халқымызға тән болған қәдириятларымыздан бири нәл егип, бағ жаратыў болып табылады. Себеби, инсан саламатлығын сақлаўда, бизди қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық машқалаларды сапластырыўда биз еккен нәллердиң де оғада пайдасы көп.
Себеби, биз дем алыў арқалы шығарып атырған зыянлы карбонат ангидридти дем алыўымыз ушын зәрүр болған кислородқа айландырып береди. Шаң тозаңларды өзинде жутып, ҳаўаны тазалайды. Ыссы күнлерде салқынлық береди, мийўелери болса, инсанларға пайдалы жемис болады.
Партия тәрепинен шѳлкемлестирилген “Жасыл мәкан” акциясы қала ҳәм районларымызда, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги