Орынларда халықтың абаданлығын арттырыў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыўда парламенттиң белсене қатнасыўы әҳмийетли.

Мәселен, быйыл аймақларды раўажландырыў, социаллық ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў, мәҳәллелерди абат етиў бойынша инвестициялық бағдарламаларға 30 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды.

Бирақ, әне усы бағдарламаны қабыллаўда қайсы депутат қатнасты, оның орынланыўы бойынша кимнен есабат талап етти, деген сораўлар ашық қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен Президент инвестициялық бағдарламаларды таярлаўда депутатлар да әлбетте қатнасатуғын, олардың пикири инабатқа алынатуғын система жаратыў басламасын алға қойды.

Буннан тысқары, район ҳәм қалалардың финанслық имканиятларын арттырыў мақсетинде келеси жылдан жер, мүлк ҳәм айланыс салықларын толық, дәрамат салығының болса кеминде 50 процентин район ҳәм қаланың өзинде қалдырыў усыныс етилди.

ӨзА