«Улыўма орта билимлендириў мектеплерине музыка мәденияты пәни оқытылыўын түпкиликли жетилистириў ҳәм усы пән муғаллимлериниң кәсиплик жумысын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, музыка мәденияты пәни муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин анықлаў бойынша миллий баҳалаў системасы жолға қойылады.

2025-жыл 1-марттан баслап музыка мәденияты пәни муғаллимлери ушын теория ҳәм әмелият үйлестирилген ҳалда маманлық арттырыў системасы жолға қойылады.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап:

– балалар музыка ҳәм көркем өнер  мектеплериниң белгиленген оқыў бағдарламаларын толық  жуўмақлаған, улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестацияға ийе болғанларға «Бәркамал әўлад» балалр мектеплерине дөгерек басшысы сыпатында жумыс ислеўи;

– мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы ЖООларында психология ҳәм педагогика пәнлерин үйренген музыка бағдары питкериўшилерине мектеплерде музыка мәденияты пәнин оқытыўы мүмкин.

2025-2026-оқыў жылына шекем музыка мәденият муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик қәбилетин анықлаў бойынша миллий баҳалаў системасы ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа енгизиледи.

2025-2026-оқыў жылынан баслап мәденият бағдарында кадрлар таярлайтуғын ЖООларда психология ҳәм педагогика пәнлерин оқытыў амелияты жолға қойылады.

2025-жыл 1-апрельден баслап:

– мектеплерде “Иқтидор” көркем ҳәўескерлик топарлары шөлкемлестириледи:

– топарлар арасында “Иқтидор мактаб ансамбли” республикалық таңлаўы өткериледи.

Таңлаўдың республикалық басқышы жеңимпазлары сырт мәмлекетлерге билимлендириў саяхатына жибериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги