Кореяның “Clean Portal” платформасы тәжирийбе тийкарында «Өзбекстанда коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бериўдиң нәтийжели механизмин жаратыў» жойбары әмелге асырылмақта.

Бул Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Қубла Кореяның Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм пуқаралық ҳуқықлары бойынша комиссиясының бирге ислесиўинде әмелге асырылмақта.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәлимлеме хызметинен мәлим етиўинше, жойбар шеңберинде «Коррупцияға қарсы гүресте коррупция ҳаққында хабар бериўдиң орны ҳәм тәсири» темасында сораўнама өткерилди.

Изертлеўде респондетлердиң 74 проценти коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бериўге ҳәм 82,2 проценти электрон платформа яки мобиль қосымша арқалы хабар бериўге таяр екенин билдирген.

Коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бермеўдиң тийкарғы себеплери сыпатында коррупциядан өзлери мәпдарлығы (19,8%) ҳәм кимге мүрәжат етиўди билмейтуғынын (20,4%) атап өткен.

13,8 проценти болса миннетдаршылық сыпатында саўға бериўди әпиўайы жағдай деп есаплайтуғынын, 7,4 проценти бундай ҳәрекетлерди коррупция жағдай деп билмейтуғынын атап өткен.

Усы сораўнама нәтийжелери Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаў ҳаққында»ғы нызам жойбарында сәўлелендириледи. Яғный, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаў бойынша зәрүр тийкарлар жаратылады.

Бул коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаў бойынша тәсиршең илажлар көриў ҳәм оларды хошаметлеў менен байланыслы механизмлерди жаратыўға хызмет етеди.

Ҳәзирги ўақытта “Clean Portal” платформасы алдынғы табыслары тийкарында мүрәжатлерди қабыл етиў бойынша орайластырылған бирден-бир электрон система ислеп шығып, ҳәзир усы системаны иске қосыў илажлары көрилмекте.

Н.Абдураимова, ӨзА