Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилисинде шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, өткен дәўирде парламент дипломатиясы ҳәм парламентлераралық байланыслар сыртқы сиясатымыздың тәсиршең ҳәм прагматикалық қуралына айланды.
Өткен бес жылда Өзбекстан Парламентлераралық аўқам, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми парламент ассамблеяларына ағза болды, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң ҳаял-қызлар форумы, Орайлық Азия мәмлекетлери екинши парламентлераралық форумы сыяқлы халықаралық илажлар мәмлекетимизде болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы халықаралық парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыў мақсетинде төменги палатада нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине үйлестириў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин азайтыў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиўди тезлестириў мәселелери бойынша парламент комиссияларын шөлкемлестириўди усыныс етти.
Жаңадан дүзилип атырған парламент комиссиясы басламаны қолға алып, нызамларымызды Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдаларына толық бейимлестириўди келеси жылы жуўмағына жеткеретуғынына исеним билдирилди.
ӨзА