Мәмлекетимиздиң қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар себепли жаңа қуўатлықлар пайдаланыўға тапсырылмақта ҳәм жаңа түрдеги, инновациялық, энергия үнемлеўши қурылыс материалларын ислеп шығарыў жолға қойылмақта. Усындай жумыслардың нәтийжесинде «Made in Uzbekistan» жарлығы астындағы қурылыс материаллары тек жергиликли емес, ал дүнья базарында өз орнын беккем ийелеп бармақта.

«Өзсанаатқурылысматериаллары» бирлеспеси мәлимлеме хызметиниң баслығы Жамшид Шерметов бул тараўда экспорт потенциалын арттырыў бойынша көрилген илажлардың нәтийжелери ҳаққында айтып берди:

– Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ислеп шығарылған қурылыс материалларын сатып алыўда Қазақстан мәмлекети жетекши саналады. Жыл сайын бул мәмлекетте Өзбекстанда ислеп шығарылған қурылыс материалларына болған талап артып бармақта. Санларға итибар қарататуғын болсақ, 2023-жылы Қазақстанға Өзбекстаннан 14 түрдеги жәми 158,4 миллион долларлық қурылыс материаллары ҳәм шийки зат өнимлери экспорты әмелге асырылған. 2024-жылдың январь-июнь айлары бойынша Өзбекстаннан қоңсы мәмлекетке 14 түрдеги 87,5 миллион долларлық қурылыс материаллары ҳәм шийки зат өнимлери экспорт етилген.

Сондай-ақ, 2023-жылы Қазақстаннан Өзбекстанға 36 түрдеги жәми 77,8 миллион долларлық қурылыс материаллары ҳәм шийки зат өнимлери импорты әмелге асырылған. 2024-жылдың январь-июнь айларында болса 27 түрдеги 30,1 миллион долларлық қурылыс материаллары ҳәм шийки зат өнимлери мәмлекетимизге алып келинген.

Бүгинги күнде Қазақстан Республикасының «Basaltwool. KZ» компаниясы менен биргеликте Жиззақ ўәлаяты Фориш районындағы «Basfayber Treyd» ЖШЖда баҳасы 100 миллион долларлық базальт талшығын ислеп шығарыў жойбары да әмелге асырылмақта.

«Өзсанаатқурылысматериаллары» бирлеспеси тәрепинен қурылыс материаллары экспортын және де арттырыў, бул бағдарда исбилерменлерге және де жәрдемлесиў мақсетинде усы жылы бир қатар мәмлекетлерде саўда үйлерин ашыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Израиль мәмлекетлеринде саўда орынларын қурыў режелестирилген.

Мәмлекетимизде 10 мыңға шамалас қурылыс материаллары ислеп шығарыўшы кәрхана болып, олар тәрепинен 2024-жылы 38 триллион сумлық қурылыс материалларын ислеп шығарыў режелестирилгенлигин атап өтиў керек. Инвестиция бағдарламалары шеңберинде 2024-2026-жыллары баҳасы 4,5 миллиард долларлық 542 жаңа жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА хабаршысы