Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

 «Өзбекстан-2030» стратегиясының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў, норма дөретиўшилиги процесинде «ақыллы тәртипке салыў»  усылларынан кеңнен пайдаланыў ҳәм социаллық қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдың турақлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлериниң нәтийжелилигин  мониторинг етиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин раўажландырыў мақсетинде:

  1. Әдиллик министрлиги тәрепинен мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 1 860 нызамшылық ҳүжжетлери экспертизадан өткерилгенлиги ҳәм оннан 243 ҳүжжетте 350 өз әҳмийетин жоғалтқан, әмелге асырыў бослықлары анықланғанлығы ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрым ҳүжжетлерине қаржы, кредит, банк, исбилерменлик жумысы, социаллық қорғаў, сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм бажыхана жумысы тараўларында нызамшылықты жетилистириўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар 1-қосымшаға муўапық;

Нызамшылық ҳүжжетлериндеги өз әҳмийетин жоғалтқан, әмелге асырыў механизмлери менен тәмийнленбеген нормалар ҳәм ҳуқықый бослықларды сапластырыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң өз әҳмийетин жоғалтқан айырым ҳүжжетлери 3-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлериндеги өз әҳмийетин жоғалтқан ҳәм әмелге асырыў механизмлери менен тәмийинленбеген нормалар, ҳуқықый бослықлар ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын.

  1. 2024-жыл 1-октябрден баслап, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын тәртипке салыў тәсирин баҳалаўдың (кейинги орынларда -баҳалаў) әпиўайыластырылған ҳәм кеңейтилген тәртиби енгизилсин. Онда:

а) әпиўайыластырылған тәртипте жойбар ислеп шығылыўынан алдын төмендеги тәртипке салыў қураллары баҳаланады ҳәм баҳалаў нәтийжелери бойынша Әдиллик министрлигиниң дәслепки жуўмағы алынады:

физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге миннетлеме, талап, шеклеў, жуўапкершилик яки басқа шеклеўлерди белгилеў (кейинги орынларда- талаплар), оларды өзгертиў яки талапларға әмелге етиўди ямаса оларды орынлаўды тәмийинлеўге байланыслы тәсир илажларын қолланыў;

исбилерменлик субъектлерине берилип атырған жеңиллик, преференция ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың басқа түрлерин енгизиў, олардың тәсир шеңберин кеңейтиў яки қысқартыў;

б) кеңейтилген тәртипте төмендеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары баҳаланады:

әпиуайыластырылған баҳалаў нәтийжелери бойынша экономикалық, социаллық ҳәм қоршаған-орталыққа тәсири дәрежеси жоқары деп табылған жойбарлар;

Олий Мажлис палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетиниң тапсырмалары ҳәм баҳалаў тараўындағы ўәкилликли уйымлар, жәмийетшилик ҳәм басқа мәпдар тәреплердиң усынысына бола кеңейтилген баҳалаўдан өткерилиўи керек деп табылған жойбарлар.

Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын тәртипке салыў тәсирин әпиўайыластырылған ҳәм кеңейтилген баҳалаўдан өткериў усылларын тастыйықласын.

  1. Әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин қолланыў нәтийжелилигин көрип шығыў, баҳалаў жумысын комплексли шөлкемлестириў ҳәм бул бойынша енгизилген институтлардың өз-ара байланыслығын ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў мақсетинде 2025-жылдан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилсин:

а) социаллық қатнасықларды тәртипке салыўшы, ҳуқықый нормаларды белгилеўши нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет күшке киргеннен соң:

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти қабыллаў мақсетлерине ерисилиўин таллаў, оның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм баҳалаў ушын статистикалық мағлыўматларды жыйнаў мақсетинде ҳәр жылы жуўапкер мәмлекетлик уйым тәрепинен мониторинг алып барылады;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти қабыллаў мақсетлерине ерисилгенлигин ҳәм нәтийжелилигин анықлаў мақсетинде нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди ҳәр үш жылда жуўапкер мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалаўдан өткериледи;

қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетте оның мониторинги ҳәм баҳалаўдан өткерилиўине жуўапкер болған мәмлекетлик уйым көрсетиледи;

қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет мониторинги ҳәм баҳалаў нәтийжелери мәжбүрий түрде Әдиллик министрлигине усынылады ҳәм жуўапкер мәмлекетлик уйымның рәсмий веб-сайтында жәрияланып барылады;

б) нызамшылық ҳүжжетлериниң ҳуқықый мониторинги тәртипке салыў тәсирин баҳалаў шеңберинде өткериледи;

в) нызамшылық ҳүжжетлериниң тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳәм коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў бойынша комплексли реже (кейинги орынларда –комплексли реже )ҳәр жылы Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылады ҳәм Минстрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;

г) комплексли режениң орынланыўы бойынша Әдиллик министрлигиниң есабаты Министрлер Кабинети ҳәм Президент Администрациясына усынылып барылады.

  1. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының экспертлер менен кеңнен додаланған ҳалда ислеп шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

а) нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда, соның ишинде, баҳалаўда, мағлыўмат жыйнаў (сораў, фокус топар додалаўлары ҳәм басқа) процесслерине илимий шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер кеңнен тартылады;

б) 2024-жыл 1-октябрьден баслап:

мәмлекетлик уйымлар тәрепинен нызам жойбарлары бойынша бул тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелериниң жуўмақлары мәжбүрий түрде алынады, нызамшылық ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм өз күшин жоғалтқан деп табыўды нәзерде тутыўшы жойбарлардан тысқары;

мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелериниң жуўмақлары ҳәм додалаў нәтийжелери бойынша материаллар жойбарды Әдиллик министрлиги ҳәм ҳүжжетти қабыллаўшы уйымлар киргизиўде мәжбүрий тәртипте қосымша етиледи.

  1. Әдиллик министрлиги Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты менен биргеликте еки ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын илимий экспертизадан өткериў тәртибин Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын баҳалаў ҳәм коррупцияға қарсы экспертизадан өткериўде республика ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын муўапықластырыў мақсетинде Минситрлер Кабинети атқарыў структурасында Бас министрдиң секретариаты қурамында 3 штат бирлигинен ибарат Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳәм коррупцияға қарсы экспертиза бөлими (кейинги орынларда -Бөлим) шөлкемлестирилсин.

Онда Бөлимниң штат бирликлери Әдиллик министрлиги системасынан 2 штат бирлигин ҳәм Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети системасынан 1 штат бирлигин оптималластырыў есабынан қәлиплестириледи.

Төмендегилер Бөлимниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын баҳалаў ҳәм коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў тараўында республика ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын муўапықластырыў;

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының ҳәм қабылланған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң баҳалаўдан өткерилиўин ҳәм коррупцияға қарсы экспертизасын әмелге асырыў;

мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте қабылланған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы жағдайының сын көз қарастан талланыўын әмелге асырыў, нәтийжеси бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимияты уйымлары тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў ҳәм баҳалаўдан өткериўдиң барлық басқышларында жәмийетшиликтиң додалаўы өткерилиўи бойынша мониторингин әмелге асырыў;

нызамшылық ҳүжжетлеринде коррупцияға шараят жаратыўшы нормаларды анықлаў ҳәм сапластырыў системасының сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

  1. Әдиллик министрлиги жанындағы Нызамшылықты таллаў ҳәм тәртипке салыў тәсирин баҳалаў институты (кейинги орынларда- Институт)ның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Социаллық қатнасықларды тәртипке салыўдың турақлылығын тәмийинлеў тараўында илимий изертлеўлер өткериў, тәртипке салыў тәсирин баҳалаў сиясатын нәтийжели әмелге асырыў бағдарламаларын ислеп шығыў;

Нызамшылық ҳүжжетлерин баҳалаўдан өткериў арқалы социаллық қатнасықларды нәтийжели ҳәм турақлы тәртипке салыў ҳәм тәртипке салыў жүгин азайтыўға қаратылған усыныслар ислеп шығыў;

Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм олардың жойбарларын баҳалаў, илимий, ҳуқықый, коррупцияға қарсы ҳәм басқа түрдеги экспертизадан өткериў бойынша методикалық қолланбалар ислеп шығыў, усы бағдарларда  оқыў курсларын шөлкемлестириў;

Нызамшылықтағы машқалаларды таллаў, ҳуқықый нормалардың өз-ара байланысы, комплекслиги  ҳәм үйлесиўи мониторингин өткериў, нызамшылық ҳүжжетлерин системаластырыў бағдарларын белгилеў;

Жетекши сырт ел илимий-изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиўди жеделлестириў, халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елли донорлардың техникалық жәрдем ҳәм грантларын тартыў;

Нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын ислеп шығыў, оларды баҳалаў, илимий, ҳуқықый ҳәм коррупцияға қарсы экпертизадан өткериў бойынша шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиў.

Институт хызметкерлери мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў шәртлери бойынша Әдиллик министрлиги орайлық аппараты хызметкерлерине теңлестириледи.

Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте Институт жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрлик ҳәм уйымлардың орайлық аппаратларында дүзилген стратегиялық режелестириў ҳәм методология бойынша структуралық бөлимлердиң жуўапкершилигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

Шөлкемниң норма дөретиўшилиги жумысына «ақыллы тәртипке салыў » механизмлерин кеңнен енгизиў;

Шөлкем тәрепинен ислеп шығылыўы режелестирилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери жойбарлары бойынша мағлыўматларды жетилистириў ҳәм оларды Режелестирў бағдарламасына киргизиў;

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарлары баҳалаўдан өткерилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, шөлкемниң норма дөретиўшилиги жумысына, соның ишинде, баҳалаў бойынша методикалық жәрдем көрсетиў;

Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыў мониторингин өткериў , соның ишинде, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў, көрип шығыў, оның турақлылығын тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў.

  1. Стратегиялық режелестириў ҳәм методология бойынша структуралық бөлимшелер, қағыйда бойынша, тийисли тараў қәнигелери, экономист, юрист қәнигелигине ийе хызметкерлер менен жәмленеди ҳәм олардың ҳәр еки жылда кеминде бир мәрте мәжбүрий түрде маманлығын арттырыў тәртиби енгизиледи.

Стратегиялық режелестириў ҳәм методология бойынша структуралық бөлимшелер хызметкерлериниң маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.

  1. Төмендеги қәрежетлер республика ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылықта шекленбеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин:

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын баҳалаўдан өткериў процесине илимий шөлкемлер, мәсләҳәт хызметин көрсететуғын шөлкемлер ҳәм тараў экспертлерин кеңнен тартыў менен байланыслы қәрежетлер;

Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының баҳалаў ушын жуўапкер хызметкерлериниң маманлығын арттырып барыў менен байланыслы қәрежетлер.

11.Мәмлекетлик уйымлардың нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын баҳалаўдан өткериў хызметиниң нәтийжелилигин көрип шығыў, баҳалаў, хызметкерлерди хошаметлеў ҳәм кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын тәртипке салыў тәсирин баҳалаў рейтинги (кейинги орынларда-Рейтинг ) енгизилсин.

Рейтинг усы Пәрманға 4- қосымшада келтирилген баҳалаў критерялары тийкарында Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланған  Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын баҳалаў рейтингин анықлаў усылына муўапық жүргизиледи.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳәр жылы жыл жуўмақлары бойынша Рейтинг анықланады ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланады;

Рейтингте  дәслепки үш орынды ийелеген мәмлекетлик уйымлардың баҳалаўға жуўапкер хызметкерлери тийисли мәмлекетлик уйымның бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы қорының үш есесинен аз болмаған муғдарда бир мәртелик материаллық жақтан хошаметленеди;

Рейтинги төмен мәмлекетлик уйымлардың жумысын жақсылаў бойынша илажлар белгиленеди.

  1. Әдиллик министрлиги (А. Ташкулов):

Жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға усы Пәрман талапларының әмелге асырылыўы бойынша әмелий ҳәм методикалық калық жәрдем көрсетип барсын;

2024-жыл 1-ноябрьге шекем Нормативлик –ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисимниң бирден-бир электрон системасын усы Пәрман талаплары тийкарында жетилистириўди тәмийинлесин;

бир ай мүддетте мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманға 2-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан ҳүжжетлер тийкарында қабыл етилген уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди дизимнен өткерип, оларды өз күшин жоғалтқан деп табыў илажларын көрсин;

үш ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныс киргизсин;

Усы Пәрманның тәртипке салыў тәсирин баҳалаў ҳәм орынланыўын мониторинги ушын жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш. Мирзиёев.

Ташкент қаласы

2024-жыл 16-август