Өзбекистан Республикасы менен Украина арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бирин-бири қутлықлады.

Украина Президенти Пётр Порошенконың қутлықлаў хатында былай делинеди: «Сизди әҳмийетли сәне – Украина ҳәм Өзбекистан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы менен шын жүректен қутлықлайман».

Пётр Порошенко мәмлекетлеримиз арасындағы шерек әсирлик тең ҳуқықлы қатнасықлар буннан былай да өз-ара бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғынына исеним билдирген.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың хатында өткен ўақыт ишинде еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дәстүрий дослық байланыслары өз-ара ҳүрмет, мәпдарлық ҳәм түсинисиў руўхында избе-из раўажланғаны ҳәм беккемленгени терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилген.

Мәмлекетимиз басшысы «Өзбекистан менен Украина арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық саладағы байланыслар халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да және де кеңейетуғынына ҳәм беккемленетуғынна исенимим кәмил» деп атап өткен.

ӨзА