Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2018-2019-оқыў жылы ушын күндизги ҳәм сыртқы бөлимлерге талабанлардан  ҳүжжетлер қабыл етилип басланды.

Күндизги бөлимге 25 қәнигелик бойынша бакалавр тәлим бағдарына 1725 талабан, соның 455и мәмлекетлик грант, 1270си шәртнама тийкарында талабанлар қабыл етиледи.

Бурын бул оқыў дәргайында қарақалпақ, рус, қазақ, шет тили  ҳәм әдебияты тәлим бағдарлары болған болса, быйылғы оқыў жылында түркмен тили ҳәм әдебияты қәнигелиги ашылған, сондай-ақ, химия, биология, география, тарийх, педагогика-психология оқытыў методикасы факультетлериниң рус тили қәнигелиги ашылғанлығын хабарлайды.

Магистратура тәлим бағдарына 58 талабан, 14 мәмлекетлик грант, 44 шәртнама тийкарында қабылланады. Магистратура тәлим бағдарында бир неше жаңа қәнигеликлер ашылғанлығын дағазалайды.

Арнаўлы сыртқы бөлимге 8 қәнигелик бойынша 750 талабан шәртнама тийкарында: сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, педагогика ҳәм психология, музыкалық тәлим, баслаўыш тәлим ҳәм спорт-тәрбиялық иси, мектепке шекемги тәлим, дефектология, дене мәденияты, мийнет тәлим қәнигеликлери бойынша талабанлар қабылланады.  

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы