Ташкентте Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов қырғызстанлы кәсиплеси Жээнбек Кулубаев пенен ушырасты.
Еки мәмлекет сыртқы ислер уйымларыныӊ басшылары Өзбекстан ҳәм Қырғызстан президентлериниӊ келисимлерин әмелге асырыўдағы табысларына айрықша итибар қаратты. Мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиӊ күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелери додаланды. Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша да пикир алысылды.
Буннан тысқары, усы жылы режелестирилген биргеликтеги илажлар шеӊберинде белгиленген биргеликтеги реже ҳәм жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Саммит ушырасыўларына таярлық көриў бойынша биргеликтеги “Жол картасы”на қол қойылды.
Күтилип атырған илажлар алдын ерисилген келисимлерди беккемлеп, Өзбекстан-Қырғызстан ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Тәреплер қәнигелескен халықаралық шөлкемлер шеӊберинде өз-ара бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыўды күшейтиў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
ӨзА