Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы байрам илажында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы, инсанларды мийрим-шəпəəт ҳәм ийгиликли ислерге шақыратуғын Рамазан ҳайыт байрамы менен Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳәр қандай мәмлекетте жәмийетти басқарыў тек Конституция ҳәм усы тийкарда қабыл етилген нызамлар арқалы әмелге асырылады. Конституциямыздың тийкарғы мазмуны ҳәм баслы принциплери ҳаққында сөз еткенде биринши гезекте инсан мәплериниң тәмийинленгенин, ҳуқық ҳәм еркинликлериниң ең жоқары қәдирият сыпатында қойылғанын айрықша атап өтиўимиз тийис. Сонлықтан Конституция халқымызды келешекке бағдарлаўшы, аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўши, уллы дѳретиўшилик ислерге баслаўшы тийкарғы Нызам болып табылады.
Конституциямыз тийкарында қабыл етилип атырған ҳәр бир ҳуқықый ҳүжжет инсанлардың еркин жасаўы, мийнет етиўи ушын қолайлы шараятларды жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли есапланады. Соның менен бирге, Конституциямыз кѳп миллетли халқымызды анық мақсет жолында бирлестирип, олардың тилине, динине ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўды тәмийинлемекте.
Елимизде инсан қәдир-қымбатының ҳәмме нәрседен үстин екенлигин соңғы жылларда бәршемиз және де тереңирек сезинип атырмыз. Буны жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысымызда жүз берип атырған үлкен ѳзгерислер менен жаңаланыўларда, қала ҳәм районларда, ең шетки аймақларымызда әмелге асырылып атырған кең кѳлемли дөретиўшилик жумыслар мысалында кѳриўимизге болады. Әсиресе, Президентимиздиң халқымызға болған айрықша итибарын бүгин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан ѳз турмысында сезинип атыр, десек қәтелеспеймиз.
Ѳткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта. Буған мысал ретинде айтар болсақ, пуқаралар жыйынларындағы аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың турақ-жайларында қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, 452 пуқаралар жыйынының ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылғаны, кадастры жоқ турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлери таярланыўының жолға қойылғаны, қала ҳəм аўылларымыздағы топырақлы жолларға қум-щебень араласпасының төселип атырғаны, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғаны, сырт еллерде оқып атырған жасларымыздың оқыўы елимиздиң жоқары оқыў орынларына көширилгени, Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, оған 20 миллиард сум қаржы ажыратылғаны –кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.
Қуўанышлы тәрепи, быйылғы жыл ѳзиниң тарийхый ўақыялары менен халқымыздың ядында қалмақта. Атап айтқанда, Әмиўдәрьяда жаңа заманагѳй кѳпирдиң қурып питкерилгени, усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап “Нөкис – Мойнақ – Нөкис” жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылғаны, сондай-ақ, “Нөкис-Стамбул” жөнелиси бойынша да авиақатнаўлар жолға қойылып атырғаны, бир қатар социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылғаны – халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.
Соның менен бирге, жәрдемге мүтәж инсанларды социаллық қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, заманагѳй турақ жайлар қурыў сыяқлы кең кѳлемли жумыслар ҳаққында узақ сѳз етиў мүмкин. Соны айрықша атап ѳтиўимиз тийис, ҳәр қандай реформалардың нәтийжеси, тынышлық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы гиреўи де Конституциялық нормалар менен тиккелей байланыслы.
Солай екен, тынышлықтың қәдирине жетиў ҳәм елимизди және де абадан үлкеге айландырыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға салмақлы үлес қосыў, миллетлераралық татыўлық ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеў, жасларымызды ана Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаў – бәршемиздиң әдиўли инсаныйлық парызымыз болып есапланады. Қуўанышлы тәрепи сонда, халқымыз дүнья еллеринде жүз берип атырған бүгингидей сиясий гүреслер, қарама-қарсылықлар шараятында елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетип, оны теңсиз байлық сыпатында қәстерлеп, шүкиршилик сезимлери менен жасамақта. Бул – ең дәслеп елимизде узақты гөзлеп алып барылып атырған дана сиясатта, нызам үстинлигиниң тәмийинленгенинде, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери жоқары баҳаланғанында ҳәм әлбетте, дөретиўши халқымыздың анық мақсет жолында жәмлескенинде өзиниӊ көринисин табады.
Байрам илажында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов мийнет ветераны Ү.Әширбековқа 80 жыллық юбилейи менен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Ҳүрмет жарлығы”н тапсырды.
Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги