Ҳуқықый мүнәсибет

Мәмлекетимизде 2023-жыл 15-октябрьден баслап “Инсан” социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилмекте. Усы орайларға турақлы жасаў орнына ийе болмаған социаллық қорғаўға мүтәж халыққа жәрдем бериў ушын бир қанша ўәкилликлер берилди.

Бул бойынша Ташкент мәмлекетлик юридика университети Юридикалық клиникасы басшысы Отабек Нарзиев толық мағлыўмат берди.

– 2023-жыл 2-октябрьде социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди комплексли көзқарас тийкарында көрсетиў, социаллық қорғаўдыӊ мәнзиллиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтыӊ жәрдемге мүтәж қатламыныӊ социалласыўын тәмийинлеў мақсетинде Президентимиздиӊ “Халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Онда жасаў орнына ийе болмаған социаллық қорғаўға мүтәж халық алты ай мүддетке шекем ўақтынша турақ жайға жайластырылыўы тәртиби белгиленген.

Оған бола, 2023-жыл 15-октябрьден баслап дәслеп 28 район (қала)ларда эксперимент сыпатында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў агентлигиниӊ “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлер топарлары көрсететуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлердиӊ жаӊа системасы жолға қойылады.

Сондай-ақ, 15-октябрьден баслап талабанларды басқлардыӊ күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы яки жалғыз баслы кексе ҳәм майыплығы болған шахс деп тән алыў яки бийкарлаў, сондай-ақ, жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар дизимине киргизиў (оннан шығарыў) “Инсан”  социаллық хызметлер орайыныӊ қарарына тийкарланып  әмелге асырылады.

“Инсан” социаллық хызметлер орайлары директорларына турақлы жасаў орнына ийе болмаған социаллық қорғаўға мүтәж халықты Агентлик жанындағы турақ жай фондына ийе болған мәкемелерге алты ай мүддетке шекем ўақтынша дизимнен өткериў ҳуқықы бериледи.

Буннан тысқары, Социаллық қорғаў миллий агентлигине усы қарар тийкарында бир қанша ўәкилликлер берилди. Атап айтқанда, агентлик ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери қысым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислеў бойынша ўәкилликли уйым есапланады. Енди социаллық хызметкерлер жумысыныӊ нәтийжелилигин баҳалаў критериялары орнатылған тәртипте агентлик тәрепинен тастыйықланады. Социаллық хызметкерлер жумысыныӊ нәтийжелилигин баҳалаў нәтийжелери бойынша төленетуғын сыйлықлар Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорыныӊ қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Сондай-ақ, “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлериниӊ жумысын жолға қойыўға байланыслы мәмлекет сатып алыўлары, бурынғысынан басқаша тәризде, тиккелей шәртнама дүзиў арқалы әмелге асырылады.

Агентликке 2024-жыл 1-январьға шекем Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте “мәҳәллә жетилиги” тәрепинен бирден-бир сораўнама тийкарында мәҳәлледе социаллық қорғаўға мүтәж халықтыӊ машкалаларын анықлаў системасы жолға қойылыўын тәмийинлеў миннетлемеси жүкленген.

Гулноза Бобоева, ӨзА